Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:41:14, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТШИСИ КИМ?

Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың қатарында мәмлекетлик пуқаралық хызметин нызам менен тәртипке салыўдың жаңа көриниси, сондай-ақ,  мийнет қатнасықлары тараўында олардың орнын белгилеп бериў ҳәм де мәмлекетлик пуқаралық хызметшилерин ҳуқықый ҳәм социаллық тәрептен қоллап-қуўатлаўдың жаңаша системасы сыпатында Президентимиз тәрепинен усы жылдың 8-август күни қол қойылған «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамға дыққатымызды қаратқан түрде, нызамшылығымызда болып атырған жаңалықлардың бири сыпатында қарасақ арзыйды.

Хош, усы орында сораў туўылады, яғный, мәмлекетлик пуқаралық хызмети дегенимиздиң өзи не?

Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ­ бул мәмлекетлик хызметтиң бир түри болып, пуқаралардың мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларында, мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлерин әмелге асырыўды нәзерде тутыўшы, ҳақы төленетуғын кәсиплик жумыс болып есапланады.

Ал, мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында арнаўлы ўәкилликли уйым, бул елимизде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.

Нызам менен мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларының мәмлекетлик реестрине киргизилген лаўазымларда хызмет көрсетип атырған пуқаралар мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери деп жүргизилиўи белгилеп берилди.

Нызамға тийкар мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң ҳуқықларына тоқталып өтетуғын болсақ, тийкарынан:

орынланған жумыслардың муғдары, өзгешелиги ҳәм де сапасына муўапық өз ўақтында ҳәм толық көлемде ис ҳақы алыў;

кәсиплик компетенциялары ҳәм айрықша хызметлери ушын хошаметлеў;

турақлы түрде маманлығын арттырып барыў;

мийнетти қорғаў талапларына муўапық болған жумыс орнына ийе болыў;

белгиленген тәртипте дем алыў;

нызамшылыққа муўапық ҳуқықый ҳәм социаллық тәрептен қорғалыў, мәмлекетлик пенсия тәмийнатын алыў;

мәмлекетлик уйым басшысының нызамсыз тапсырма ҳәм талапларын орынлаўдан бас тартыў;

коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген жағдайда мәмлекеттиң қорғаўы менен тәмийинлеў;

өзиниң абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайының ҳүрмет етилиўи уқсаған бир қатар ҳуқықларға ийе.

Нызам менен, мәмлекетлик пуқаралық хызметши ҳуқықлары менен бир қатарда, мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң миннетлери белгилеп қойылмақта. Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси өз жумысы даўамындаF

конституцияға ҳәм басқа ҳүжжетлерге әмел етиў;

өз хызмет миннетлерин ҳүждан менен орынлаў ҳәм ишки тәртип-қағыйдаларға әмел етиў;

мәплер соқлығысыўына жол қоймаў, бийғәрез ҳәм қалыс болыў;

мәмлекетлик сырлар ямаса нызамшылық ҳүжжетлери менен қорғалатуғын басқа да сырларды қорғаў ҳаққындағы талапларға әмел етиў;

дәраматлары ҳәм мал-мүлки ҳаққындағы  декларацияны усыныў;

өз хызмет статусынан жеке ҳәм бас­қа нызамсыз мақсетлерде пайдаланбаў;

өзиниң кәсиплик компетенциясын турақлы түрде арттырып барыў;

мәмлекетлик мүлктиң сақланыўын тәмийинлеў, өзине исенип тапсырылған мәмлекетлик мүлктен тек ғана хызмет мақсетлеринде пайдаланыўы керек.

Сондай-ақ, «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызам менен, мәмлекетлик пуқаралық хызметин өтеў менен байланыслы бир қатар шеклеўлер қойылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетлик пуқаралық хызмет­шилери:

өз-ара жақын ямаса қуда тәрептен ағайин болған шахслар менен бир мәмлекетлик уйымда бирге (өз-ара бойсыныў ҳәм қадағалаў астында) хызмет етиў;

педагогикалық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа бир жумыс пенен шуғылланыў;

исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў;

исбилерменлик жумысы субъектлерин шөлкемлестириў, олардың шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы) болыў;

өз хызмет ўәкилликлерин орынлаў ямаса орынламаў есесине қандай да бир сыйлық, пайда ямаса саўға алыў;

нызамшылықта белгиленбеген жеңилликлер, преференциялар ямаса абзаллықлардан өз хызмет статусы менен байланыслы ҳалда пайдаланыў;

сырт ел мәмлекетиниң пуқаралығын алыў;

Өзбекстан аймағынан тысқарыда есап-бетлерге ийе болыў, көшпес ҳәм басқа мал-мүлкке ийе болыўға ҳақылы емес.

Усы орында мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў тәртибине тоқталып өтиў лазым, яғный, бунда бул лаўазымға мәмлекетлик тилди билетуғын, мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын ийелеў ушын тийисли маманлық талапларына ҳәм басқа талапларға жуўап беретуғын пуқаралар қабыл етиледи.

Соның менен бирге, кимлер мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилмейди деген сораўға тоқталып өтетуғын болсақ, тийкарынанF

он сегиз жасқа толмаған пуқаралар;

қатнасық уқыплылығына ийе емес ямаса қатнасық уқыплылығы шекленген деп табылған пуқаралар;

белгили мүддетке мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын ийе­леў ҳуқықынан айырылған пуқаралар;

коррупцияға байланыслы жынаятты ислеўде айыплы деп табылған пуқаралар;

аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислегенлиги ушын судланғанлығы тамамланбаған ямаса алып тасланбаған пуқаралар;

денсаўлығының жағдайы мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымын ийелеў имканиятын бермейтуғын пуқаралар усы хызметке қабыл етилмейди.

Қабыл етилген нызам менен мәмлекет хызметшисиниң социаллық тәрептен қорғалыўына да айрықша итибар қаратылған болып, бунда мәмлекетлик пуқаралық хызметшисин социаллық тәрептен қорғаўда оларға мийнет дем алысы ҳәм социаллық дем алыслар бериў, өмири ҳәм денсаўлығын мәжбүрий қамсызландырыў, өмирине, денсаўлығына ҳәм мал-мүлкине жеткерилген зыянның орнын қаплаў, мәмлекетлик пенсия тәмийнатынан пайдаланыўы менен тәмийинленеди.

Соның менен бир қатарда, мәмлекетлик пуқаралық хызметшисине  медициналық хызмет көрсетиў, ротация тәртибинде басқа мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымына өткерилиўи менен байланыслы қәрежетлердиң орнын қаплаў, хызмет үйлери, хызмет транспорты менен ямаса турақ жай ҳәм транспорт қәрежетлери ушын пуллы компенсация менен тәмийинлеўдей социаллық қорғаў шаралары кепилленеди.

Жуўмақлап айтқанда, қайсы бир тараўды алып қарамайық, бүгинги күнде қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлеримиздиң түп негизинде инсан мәпиниң үстем қойылыўының гүўасы боламыз десек қәтелеспеймиз.

Байрамбай ИЛЬЯСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF