Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:40:31, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ЖӘМӘӘТИ ТЕРЕК НӘЛЛЕРИН ЕГИЎ ИЛАЖЫНА ҚАТНАСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Президентимиздиң басламасы менен елимизде әмелге асырылып атыр­ған «Жасыл мәкан» акциясы шеңберинде өткерилип атырған терек нәллерин егиў илажына қатнасты.

Жақсы нийетлер менен өткерилип атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажы республикамыздың барлық аймақларында шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жәмәәти де бул илажға белсене қатнасып, өзлерине бекитилген аймақта терек нәллерин отырғызды.

— Ендигиден былай терек нәллерин егиўде тек санына емес, ал, сапасына айрықша итибар қаратылады,-деди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев. — Сонда ғана бул жумыслардың нәтийжесин көриўимизге болады. Ҳәр биримиз нәл отыр­ғыздық па, демек оның ертеңги күни өсип раўажланыўына да жуўапкер болыўымыз керек. Мақсетимиз — қала ҳәм ра­йонларымызды жасыл аймаққа айландырыў болып табылады.

Республикамыз аймағында бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF