Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:35:33, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛИЙ ӨНЕРИМИЗ ЖАСЛАР НӘЗЕРИНДЕ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-майдағы «Музейлерде хызметлер тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген музейлерде художниклер, артистлер ҳәм миллий фольклор ансамбльлери, өнерментлер менен түрли саўда көргизбелери, фестивальларды шөлкемлестириў ўазыйпаларын орынлаў мақсетинде пийшемби күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде «Миллий сувенирлер» фестивалы болып өтти.

Оған республикамыздағы  бир қатар жоқары оқыў орынларында билим алып атырған жаслар қатнасты. Дәслеп қатнасыўшылар музей алдында шөлкемлестирилген «Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ағзаларының алып келген қол өнери үлгилери, сувенир буйымлары, гүлал буйымлары, миллий қурақшылық, гилемшилик, кестешилик жумыслары көргизбесин тамашалады.

Илажды Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт ислери министрлиги жанындағы Қарақалпақстан Республикасы мәдений-мийрас басқармасы баслығы Қ.Шәрипов ашты ҳәм бүгинги күнде тараўдағы алып барылып атырған жумысларға кең түрде тоқталып өтти.

— Бул көргизбеге мийўе ағашларынан исленген миллий буйымларды, сондай-ақ, гүлал ҳәм қол өнеринен исленген затларды алып келдик. Алты жылдан берли шаңарағымыз бенен шуғылланамыз. Бир неше шәкиртлер таярлап атырман. Ҳәр қыйлы көргизбелерге қатнасып киятырмыз, - дейди нөкисли өнермент Е.Ибадуллаев.

— Мен бүгинги илажға қатнасып, жақсы тәсирлер алдым. Бул жерге келип музейди ҳәм көргизбелерди тамашалап, миллий тарийхымызды, ата-бабаларымыздың услап-тутқан буйымларын көрип, тарийхымызға саяхат еткендей болдық. Және бизлердиң еле үйренетуғынларымыз көп екенлигин сезиндим. Шөлкемлестириўшилерден жүдә миннетдарман,-дейди Өзбекстан Ишки ислер министрлигине қараслы Қарақалпақ академия­лық лицейиниң 1-курс оқыўшысы Ш.Орынбаев.

Илажда көркем өнер ғайраткерлериниң саз-сәўбетли  бағдарламасы қойып берилди.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Илаждан көринис.

М.ҲАБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF