Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:13:44, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТҮРКИЙ МӘМЛЕКЕТЛЕРДИҢ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ ЖӘНЕ ДЕ КҮШЕЙЕДИ

Усы жыл 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткерилди. Саммитте ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев баянат жасап, дүнья жәмийетшилиги ҳәм де түркий мәмлекетлердиң итибарына аймақлық ҳәм глобал әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша бир қатар баслама ҳәм усынысларын билдирди. Президентимиз алға қойған басламалар саммит қатнасыўшылары тәрепинен жақсы қабыл етилип, елимиздиң түркий мәмлекетлер арасында абырайы артып баратырғанын көрсетти.

Президент Шавкат Мирзиёев күтилгениндей халықаралық дәрежеде үлкен әҳмийетке ийе болған бир қатар басламаларды алға қойды.

Мәмлекетимиз басшысы: «Ески түркий жер мың жыллар даўамында Шығыс ҳәм Батысты тутастырып, жәҳән цивилиза­цияларын бир-бирине жақын­ластырып, дүнья мәдениятларын байытып келген. Биз Түркий дүньясы уллы тарийхының жарқын бетлери уллы ата-бабаларымыз тәрепинен биргеликте жаратылғаны менен орынлы түрде мақтанамыз. Әне, усындай бийбаҳа мийрасты сақлап қалыў, оны терең үйренип, келешек әўладларымызға зыянсыз жеткериў бәршемиз ушын ең тийкар­ғы ўазыйпа болып табылады», деп айрықша атап өтти.

Әлбетте, түркий мәмлекетлер улыўма өтмишке ийе, тили, дини, мәде­нияты ҳәм қәдириятлары бир-бирине жүдә жақын болған мәмлекетлер саналады. Солай екен мәмлекетлеримиздиң өз-ара экономикалық, сиясий, мәдений ҳәм гуманитар байланысларын және де кеңейтиў бүгинги күнниң актуал ўазыйпасы есапланады. Соңғы жыллары бул жолда шөлкем шеңберинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Деген менен еле иске салынбаған имканиятлар ҳәм әмелге асырылыўы лазым бол­ған бир қатар ўазыйпалар бар.

Соннан келип шыққан ҳалда мәмлекетимиз басшысы «Шөлкемниң абырайын буннан былай да беккемлеў ҳәм ең тийкарғысы — тарийхы, тили ҳәм мәденияты тамырлас болған туўысқан халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди жоқары бас­қышқа алып шығыў» нийетинде екенлигин айтып өтти.

Бәршеге мәлим, мәмлекетимиздиң усынысы менен 2022-жыл Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде «Жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў жылы», деп жәрияланған ҳәм оның көлеминде Бухара қаласы — Түркий дүнья жаслары пайтахты статусына ийе болған еди. Президентимиз бул бағдарға айрықша итибар қаратып, келеси жылы елимизде түркий дүнья жасларының илим ҳәм инновациялар халықаралық конгресин өткериўди, оның шеңберинде инновация ҳәм билимлендириў минис­трлери, жоқары оқыў орынларының ректорлары ҳәм жас жетекшилер, қәбилетли жаслар, Шөлкем ақсақалларының кең көлемли ушырасыўларын шөлкемлестириў керек екенлигин айтып, Шөлкем бас хаткериниң жаслар мәселелери бо­йынша орынбасары лаўазымын енгизиўди усынды.

Өзбекстан — жаслар мәмлекети. Мәмлекетлеримиз арасында бирге ислесиўди және де кеңейтиў, өз-ара тәжирийбе ҳәм билимлеримизди алмасыў, жасларымыздың имканиятларын арттырып барыў арқалы Шөлкемниң абырайы және де артады ҳәм келешеги беккемленеди.

Соның менен бирге, ең алды менен мәмлекетлеримиздиң мәдений байланыслары раўажланып баратырғанлығын айрықша атап өтиў керек. Бул бағдарда Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер әдебиятының сайланды үлгилеринен ибарат 100 томлық «Түркий әдебият дүрданалары» топламының өзбек тилинде басып шы­ғарыл­ғанлығы үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын мәмлекетимиз басшысыF «Бул бийбаҳа руўхый ғәзийнени барлық ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң тиллеринде де басып шығарсақ, туўыс­қан еллеримизди, бәринен бурын, жас әўладларымызды өз-ара жақынластырыў ушын беккем тийкар жаратқан болар едик» деп атап өтти.

Әлбетте, Самарқанд саммитиниң мәмлекетимиз раўажланыўындағы әҳмийетин үгит-нәсиятлаў, онда алға қойылған усыныс ҳәм басламаларды турмысқа енгизиўде сиясий партиялар, соның ишинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының барлық дәрежедеги шөлкемлери ҳәм де депутатлары белсендилик көрсетиўи керек. Өйткени, бирге ислесиўди күшейтиў арқалы гөзленген барлық мақсетимизге, әлбетте, ерисемиз.

 

Тажибай РОМАНОВ,

ӨзМТДП ҚР Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фрак­циясының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF