Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:27:32, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОҢЫРАТ: АЙЫРЫМ ТАРАЎЛАРДАҒЫ КЕМШИЛИКЛЕР ҚАТАҢ СЫНҒА АЛЫНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Қоңырат районында болды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп райондағы «Бостан» мәкан пуқаралар жыйынындағы қурылыс жумыслары белгиленген графиктен артта қалып атыр­ған районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби имаратын барып көрди. Қурылыс жумыслары өз ўақтында жуўмақланғанда бул жерде балалар бес бағдар бойынша шуғылланыў мүмкиншилигине ийе болатуғынлығы атап өтилип, бул бо­йынша тийисли тараў ўәкиллерине қатаң тапсырма берилди.

Буннан соң, район белсендилери, мәкеме, кәрхана, минис­трликлер, басқармалар, шөл­кемлердиң басшыларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Онда район халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилиўи менен бир қатарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.

Районда айырым тараўлар, соның ишинде, қурылыс бағдарында бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қойылған. Атап айтқанда, райондағы «Санаат» ҳәм «Жайхун» көшелерин абаданластырыў, пиядалар ҳәм велосипед жолларының қурылысы, Қыпшақ пуқаралар жыйыны аймағындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң реконс­трукция жумыслары, усы аймақта жаңадан балалар бақшасы имаратын қурыў сыяқлы бир қатар қурылысларда кемшиликлерге жол қойылған.

Мәжилисте район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары өз ўазыйпасын атқарыўдағы кемшиликлери ушын ийелеп тур­ған лаўазымынан босатылды, район ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қыс­қартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарына интизамий жаза шарасын қолланыў бойынша тапсырма берилди. Соның менен бирге, 22 ҳәким жәрдемшисиниң жумысларындағы кемшиликлерди ҳәр тәреплеме үйренип, ҳуқықый баҳа бериў бойынша тийисли уйымларға тапсырмалар берилди.

Президентимиздиң арнаўлы қ­арары тийкарында тастыйық­ланған мәнзилли бағдарлама бо­йынша Қарақалпақстанда 2022-2023-жылларда 252 пуқаралар жыйынындағы жәми 259 объект­те қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 293,7 миллиард сумлық қаржылар ажыратылмақта. Соның ишинде, тек ғана Қоңырат районы бойынша 25 жойбарда 28 миллиард 109 миллион сумлық реконструкция, қурылыс-оңлаў ҳәм суў тармақларын тартыў жумыслары әмелге асырылады. Соннан быйылғы жылдың жуўмағына шекем ра­йонды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге жәми 15,7 миллиард сум қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF