Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:38:04, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЕТКИ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫНЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ШЕШИМИН ТАПТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларында жасаўшы халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларын үйрениў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде  жеке қабыллаўлар өткерип келмекте.

Гезектеги ушырасыў Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынынан 60 километр узақта жайласқан Бостан елатлы пункти тур­ғынлары менен болып өтти.

Онда пуқаралар тәрепинен бир қатар мәселелер көтерилип, мүрәжатлар билдирилди. Атап айтқанда, студент-жаслардың шәртнама пулларын төлеп бериў, мобилизациялық шақырыў резерви әскерий хызмети ушын төлемлерди әмелге асырыў, Ташкент қаласында емленип қайтыў ушын жоллама бериў сыяқлы мүрәжатлар Жоқар­ғы Кеңестиң Баслығы тәрепинен сол ўақыттың өзинде шешип берилди.

Ушырасыў даўамында көп балалы шаңарақларға кир жуўыў машинасы, газ плитасы ҳәм басқа да тутыныў буйымлары саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF