Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:55:52, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОҢЫРАТЛЫ МОТОКРОССШЫЛАР ЕКИНШИ ОРЫНДЫ ИЙЕЛЕДИ

Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласында мотокросс бойынша Өзбекстан кубогы жарысы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген жарысқа Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан 12 команда қурамында 77 спортшы қатнасты. Кескин жағдайларда өткен өткен жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қоңырат районлық оқыў спорт-техника клубының  ағзалары А.Бектурлаев ҳәм Ж.Аширбаевлар мотокросс жарысының 750 куб көлеми бойынша екинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF