Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:51:48, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МЕҲИРИНЕ МИЯСАР БОЛҒАН ДӨРЕТИЎШИ

Бәршемизге мәлим, бы­йыл белгили шайыр ҳәм жазыўшы, драматург, Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Рахмановтың туўылғанына 80 жыл толды. Бүгинги күнде усы мүнәсибет пенен республикамыздың барлық орынларында еслеў кешелери болып өтпекте.

Жақында усындай еслеў кешелериниң бири Кегейли районында болып өтти. Оған район ҳәкими Д.Утемуратов, елимизге белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, оның перзентлери ҳәм заманласлары қат­насты. Кешеде сөзге шыққанлар Кеңесбай Рахмановтың пүткил өмирин дөретиўшиликке бағышлаған, миллий әдебиятымыз, мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўы ушын аянбай мийнет еткен, туўылып өскен ана-Ўатанын жан-тәни, қәлби менен сүйген уллы дөретиўши инсан, елимиздиң пидайы перзенти сыпатында республикамызға кеңнен танылғанлығын айрықша атап өтти.

Ҳақыйқатында да, К.Рахманов жаслайынан Жаратқаннан инәм етилген илаҳий талантын ел-журтымыздың уллылығын, гөззаллығын, халқымыздың баладай пәк қәлбин, садалығын ҳәм ақ­көкиреклилигин тәрийплеўге, ақ қағазға түсириў ушын мүнәсип сөз излеўге жумсады. Ол проза, поэзия ҳәм драматургия жанрларында теңдей қәлем тербетип, өзиниң ҳеш кимге уқсамаған, өзгеше дөретиўшилик жолы менен халқы­мызға танылды. Оның мийнет жолы ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, ол 1969-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, мийнет жолын Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радиокомитетинде баслады. Дәслеп телевидениеде аға редактор, ке­йин ала телевидение бойынша бас редактор, 1973-жылы ҳәзирги Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында әдебий бөлим баслығы, ал, 1981-жылы «Әмиўдәрья» журналының поэзия бөлимин басқарды. Соның менен бирге, дөретиўшилик майданына ат салып, поэзия, проза ҳәм драматургия жанрларында теңдей қәлем тербетти. Тынымсыз мийнети, талапшаңлығы ҳәм излениўшеңлиги менен устазларының, өзи менен зәңгилес дөретиўшилердиң сый-ҳүрметине, халқымыздың меҳирине миясар болды. Оның «Саған асығаман», «Өмир ҳаққында ойлар», «Өмир — сен жал­ғызсаң», «Туңғышымыз қыз болса», «Сен ҳаққында қосық», «Арғымағым», «Гүзги муҳаббат» атамасындағы қосықлар топламлары, «Пайғамбар жасындағы күйеў» романы тек ғана китап текшесин безеп туратуғын емес, ал, турмыс тәшўишлеринен қабарған кеўиллерди илаҳий сезимлер менен байытатуғын, әсиресе, өз дәўириниң де, бүгинги күнниң де жасларының қәлбинде ана-Ўатанға муҳаббат, халыққа аянбай хызмет етиўдей уллы сезимлерге тәрбиялайтуғын, халқымыздың бийбаҳа ғәзийнесине айланды. 

Әсиресе, К.Рахмановтың драматургияда тутқан орны жүдә үлкен болғанлығын халқымыз, бүгинги дәўир дөретиўшилери де бирдей тән береди ҳәм ҳүрмет пенен тилге алады, десек асыра айтқан болмаймыз. Ол дөреткен «Келин», «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек», «О дүньяға мирәт», «Жаралы жүреклер», «Егленген бәҳәр» ҳәм «Лаққылар емлеўханада» пьесалары сахна жүзин көрип, халқымыздың кеўлинен терең орын алды.

Кеше даўамында Кеңесбай Рахмановтың өмир жолы кәсиплеслери, пер­зентлери ҳәм шәкиртлери тәрепинен еске түсирилип, оның дөретиўшилигинен үзиндилер оқылды. Кеше соңында қатнасыўшыларға районлық Мәденият бөлими хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.   

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Кегейли районы.

СҮЎРЕТТЕ: кешеден көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF