Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:00:59, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘМИЎДӘРЬЯ: МАШҚАЛАЛАРДЫ ШЕШИЎДЕ БАР ИМКАНИЯТЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ КЕРЕК

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орын­баев  Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы қурылыс жумыслары менен танысып, қурылыстың барысы белгиленген режеден артта қалып атырған объектлер — 27-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм 30-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумыслары менен танысты ҳәм жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Буннан соң, район белсендилери, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң, министрликлер, басқармалар, шөлкемлердиң басшыларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Илажда халықтың күнделикли турмысында ушырасып атыр­ған машқалаларды шешиў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда  бул бағдарда орын алып атырған айырым кемшиликлер  сөз етилди.

Атап айтқанда, көпшилик бюджет мәкемелеринде мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржыларды мақсетли жумсаўда қәте-кемшиликлерге жол қо­йылып атырғаны айрықша атап өтилди. Үйрениўлердиң барысында Әмиўдәрья районында да усындай унамсыз жағдайлар анықланған. Бундай нызам бузылыў жағдайларының алдын алыў ҳәм оны келешекте болдырмаў бойынша басшыларға ҳәм экономикалық тараўдың жуўапкерлерине тийисли тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўде де бир қатар кемшиликлердиң бар екенлиги, тийкарынан аймақ халқын социаллық қоллап-қуўатлаў, коммуналлық хызметлердиң сапасы, турақ жай менен тәмийинлеў, ишки жолларды оңлаў мәселелеринде көплеген мүрәжатлар келип түсип атыр­ғанлығы атап өтилди.

Буннан тысқары, билимлендириў, жаслар менен ислесиў, транспорт хызметин көрсетиў, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, өнимлерди экспорт етиў сыяқлы тараўларда қосымша имканиятлардың бар екенлиги атап өтилип, оларды иске қосқан ҳалда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў барысын буннан былай да жақсылаў кереклигине итибар қаратылды.

Елимизде социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды, соның ишинде, ҳаял-қызларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў бағдарында тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бағыўшысынан айырылған, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орын­баев Әмиўдәрья районындағы «Бай­аўыл» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған  Малика Ахмедоваға Президентимиздиң саўғасы-еки бөлмели турақ жайдың тапсырылыўы бул бағдардағы жумыслардың әмелдеги көриниси болды.

Буннан тысқары, шаңарақтың турақлы дәрамат дәрегин жаратыў мақсетинде еки пер­зент­тиң анасы болған Малика Ахмедова райондағы 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жумысқа орналастырылды.

Мәжилис соңында быйылғы жылдың ақырына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәми­йинлеў мақсетинде 20 миллиард 855,3 миллион сум қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF