Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:25:56, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАРАФОНДА ЕЛИМИЗ БАЙРАҚЛАРЫ ЖЕЛБИРЕДИ

18-ноябрь — Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн мүнәсибети менен елимиз бойлап «Жаңа нәпес» атамасында марафон жарыслары өткерилди.

Бул илажға елимиздеги 15 қалада бир ўақыттың өзинде старт берилип, илаж пайтахтымыз Нөкис қаласында да өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, спорттың денсаўлыққа пайдасы ҳәм турмысымыздағы әҳмийетин атап өтти.

«Жаңа нәпес» ғалаба жуўырыў марафоны — Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Спортты раўажландырыў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Халық билимлендириў министрликлери, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстан Жеңил атлетика федерециясы тәрепинен шөлкемлестирилип, баслы мақсети — халық арасында саламат турмыс тәризи принциплерин кеңнен ен жайдырыў, адамларды бир мақсет әтирапында бирлестириў, жылдан-жылға ғалаба ен жайып киятырған саламатлық илажларының дәрежесин жоқарылатыў болып есапланады.

Жәми 3 км аралықты қамтып алған марафонда министрликлер ҳәм мәкемелердиң басшылары, нураныйлар, студент-жаслар, имканияты шекленген спортқа қумар ықтыярлылар ҳәм басқа да бир қатар адамлар қатнасты.

Жарыс жуўмағында ерлер арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти Рашид Искандаров биринши, 2-курс студенти Алпамыс Сейтбеков екинши,  спорт мектеби тәрбияланыўшысы Қуўатжан Әбдимуратов үшинши орынды ийеледи.

Қызлар арасында спорт мектеби тәрбияланыўшылары Гүлназа Қурбанбаева биринши, Рано Жамғырбаева екинши, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинен Шахризада Шукуруллаева үшинши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, марафонда бир қатар ҳәўескерлер ҳәм спорт мектеплериниң тәбияланыўшылары, майыплығы болған инсанлар да белсене қатнасып, олардан ерлер арасында Анвар Қурбаниязов биринши, Иззат Розметов екинши, Жарас Қалбаев үшинши, қызлар арасында Малика Есеналиева биринши, Гүлайша Жолдасбаева екинши, Роза Генжебекова үшинши орынды ийеледи.

— Бул жарысқа мен де топарымыз студентлери, досларым менен бирге қатнасып, көшелерден елимиз байрақларын желбиретип өткенимнен қуўанышлыман,-дейди марафон қатнасыўшыларының бири А.Дабылов. — Жарысқа 9 жастан 90 жас­қа шекемги адамлар қатнасты. Ҳәтте, майыплығы болған инсанлар да бул илаждан шетте қалмады...

Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткен марафон жуўмағында биринши, екинши ҳәм үшинши орынды ийелегенлер ҳәм ҳәр қыйлы номинация  жеңимпазлары сыйлықланып, белсенди қатнасыўшылар мүнәсип хошаметленди ҳәм олар­ға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

СҮЎРЕТТЕ: марафон жеңимпазлары.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF