Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:07:14, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕДИЦИНА ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК БАЙРАМЫНА АРНАЛДЫ

Усы жыл 12-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, медицина хызметкерлерин ҳәм тараў ветеранларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Минис­трлер Кеңесиниң атынан кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, 2006-жылы 12-сентябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық елимизде ноябрь айының екинши екшембиси медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамы сыпатында белгиленип келинбекте.

Президентимиздиң басламасы менен республикамызда медициналық жәрдем көрсетиўди жетилистириў, халықтың арасында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кадрлар потенциалын арттырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бунда Президентимиздиң усы жыл 7-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды буннан былай да күшейтиў ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.

Усы қарар тийкарында Нөкис қалалық медицина бирлеспеси қурамында 20 орынлық хирургия бөлими, аўыр наўқаслар ушын 20 орынлық паллиатив жәрдем көрсететуғын бөлим шөл­кемлестирилди. Республикамызда 120 орынлық балалар медициналық реаблитация орайын шөлкемлестириў, аймақлық перинатал ора­йын 36 түрдеги 261 дана әсбап-үскене менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.

Халыққа, соның ишинде, туўма жүрек нуқсаны менен туўылған балаларға жоқары технологияларға тийкарланған қәнигелестирилген медициналық хызмет көрсетиўди тәмийинлеў, алыс аймақларда медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, шараяты аўыр мәҳәллелердеги денсаўлықты сақлаў тараўындағы машқалаларды сап­ластырыў илажлары көрилмекте. Жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў, хызметкерлердиң кәсиплик билимин жетилистириў илажлары әмелге асырылмақта.

Илажда бир топар тараў хызметкерлерине көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис көркем өнер шеберлериниң байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF