Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:39:07, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЗЛЕНГЕН ИМКАН ТАБАДЫ,

-ДЕЙДИ ҚАҲАРМАНЫМЫЗ АЛМАХАН ХОЖАНИЯЗОВА

Дәўир нәпеси исбилерменликке жол ашты, өнер үйрениўге умтылған адам мақсетине жететуғын болды. Бул ушын мәмлекетимизде қаншадан-қанша имканиятлар есиги ашылып атыр. Егер кәсип ийелеўге, өнер үйрениўге, исбилерменлик баслаўға умтылыслар болса қоллап-қуўатланып ҳәр тәреплеме жәрдемлер берилмекте.

«Иске мәрҳамат» моно-орайында жаслардың қызығыўшылығына қарай өнер үйренип кәсип ийелеўге, кейин ала жумысларын жүргизиў ушын субсидиялар, жеңиллетилген кредитлер ажыратылып атыр. Булардың барлығы халқымыздың абадан турмысы ушын жаратылған имканиятлар.

Адам бәрқулла изленип, өмир ушын гүресип жасаўға әдетленеди. Бул екеўи — изленис, өмир ушын гүрес инсанға табыс гилтин ашып бахытқа қарай жетелейди. Биз сөз етпекши болған қаҳарманымыз көп жыллардан берли пайтахтымыздағы 26-киши районда жайласқан ҳаял-қызлар салонында өз мийнети менен халыққа танылған қарапа­йым инсан Алмахан Хожаниязова. Адам қай нәрсеге умтылса, изленсе оған жетисетуғынлығын оның турмысы мысалында көриўимизге болады. Оның бул кәсипке араласыўы да тосыннан, өзи күтпегенде әмелге асты.

— Мен 1992-жылы усы шаңараққа келин болып түскенимде жаңа мектепти тамамлаған пайытым еди. Атам да, енем де ерлер шаштәрезханасында ислейди екен. Олардың шеберлиги ме я болмаса бул кәсип ийе­лери сийрек пе билмедим, гейде қарыйдарлары үйге де излеп келип шашларын қыйдырып кететуғын еди.

Ҳәр бир истиң бир себеби болады ғой. Ата-енемниң жумыс жайына қыз-келиншеклер де «бизлердиң де шашларымызды пордозлап бериң» деп өтиниш пенен көп келеди екен. Соның ушын маған олар ҳаял-қызлардың шаш модаларын, пордозлаў әдислерин үйрениўге мәсләҳәт берди. Дәслебинде екиленип бурыннан — соңға бул кәсиптен хабарым болмағанлықтан албырадым. Ақыры халықтың кеўлинен шығыў аңсат емес, қарыйдарларымның шашларын бүлдирип аламан ба, деген гүдик тынышымды алар еди. Сонда енем:

— Адамның ислегенин адам ислейди, неге еки­ленесең! Оннанша ҳаял-қызлар салонына арналған арнаўлы курста оқып ал, гөнермейтуғын кәсип ғой. Адамның қолынан келмейтуғын истиң өзи жоқ, тек қунт керек, - деди.

Солай етип, он еки уй­қылағанда түсиме кирмеген бул кәсипке араласыўым усылай басланды. Үш айлық курста оқып алдым. Бул курс­та оқыўым менде қызығыўшылық оятты. Енемниң айтқаны дурыс екен. Оның қасында жүрип те көп нәрселерди үйрендим. Кейин ала 1999-жылы өз алдыма ҳаял-қызлар гөззаллық салонын аштым. Және де ҳәзир «Иске мәрҳамат» моно-орайында өзим де жасларға устазлық етип атырман...

Алмахан  «Иске мәр­ҳамат» моно-орайында өзин-өзи бәнт етиў ҳаял-қызлар салонында шаш пордозлаў бойынша Хожели ра­йонлық социаллық бөлиминде жасларға сабақ береди. Ҳәзир үшинши топар оқыўшылар кәсип сырларын үйренип атыр.

Алмаханның ата-енеси Қутлымурат Нурыллаев, Гүлчехра Алимовалар усы аймақта ерлер шаштәрезханасында өмир бойы мийнет етип, ел-халыққа танылған инсанлар. Мен де усы аймақта туратуғын болғанлықтан гейде балаларымның шашларын пордозлаўға әкелгенимде оның бул кәсипти қалай таңлағанына қызықсынғанман. Ақыры ҳаял адамның ерлер шаш­тәрезханасында ислеўи сийрек ушырасады.

Гүлчехра апамыздың да бул кәсипке араласыўы жас келиншеклик пайытынан басланған.

— Өмирлик жолдасым сол жерде ислегеннен ке­йин исханасын сыпырып-тазалап жүрип қунт пенен нәзер салып жүретуғын едим. Дәслеп өзиме жақын таныслардың шашларын қыйып жүрдим. Соңынан күйеўимниң жумысы шығып қалса орнына мен келген қарыйдарлардың шашларын қыйыўға әдетлендим. Соңын ала усы кәсиптиң маманы болып шыға келдим. Шеп болмадық, үй-жайлы болдық, перзентлеримизди ҳеш кимнен кем етпей тәрбияладық, - деген еди Гүлчехра апамыз.

Ата-енесиниң кәсибин даўам еттирген Алмахан усы жыл 31-августтағы Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жәдел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арт­тырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы, сондай-ақ, «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында ҳаял-қызлар салонын кеңейтиўге еристи. Оған «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан халыққа хызмет көрсететуғын ҳаяллар ҳәм ерлер салонын ашыў ушын имканият туўылды. Жыйын баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Сырғагүл Есбосынованың қоллап-қуўатлаўы менен жеңиллетилген кредит алып, ерлер ҳәм ҳаяллар гөззаллық салонын ашыў ушын имарат тикледи. Енди азы-кем ҳүжжетлестириў жумысларынан кейин аймақ турғынларына хызмет көрсете баслайды.

— Бундай имканиятлар ушын шаңарағымыз атынан миннетдармыз. Себеби, үлкен қызым Садаат Қутлымуратова, келиним Саёра Жуманиязовалар да өзлерин-өзлери бәнт етип, шаңарағымызға дәрамат қосатуғын болды, - дейди ол қуўанып.

Гә жасларға өз кәсибиниң сырларын үйретип, гә гөззаллық салонында халыққа хызмет етип жуўырып-жортып тыным билмей жүрген Алмахан менен гүрриңлесер екенмен, ойыма мынадай қыял келдиF

— Адамның қолы гүл ғой, келмейтуғын истиң өзи жоқ екен-аў. Ҳәрекетке берекет, деген ғой ата-бабалар. Турмыс зәрүрлиги менен усы кәсипти үйренип ол шеп болмаған. Көплеген жаслардың устазына айланды. Өмирлик жолдасы Атамурат Нурыллаев пенен дүньяға келтирген перзентлери Садаат, Қудрат, Ҳазират, Назокатларды тәрбиялап, ақлықлар сүйип атыр­ған татыў шаңарақ ийелери болды. Тийкарғысы — олар турмыстан разы болып жасап атыр.

Б.КАРАМАТДИНОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF