Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:44:41, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭНЕРГЕТИКЛЕР ИЛАЖҒА БЕЛСЕНЕ ҚАТНАСПАҚТА

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-октябрь күни мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халықты ойландырып атырған мәселелерди шешиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақларды көклемзарластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде усы жылдың ақырына шекем 75 миллион түп мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў ўазыйпасы қойылды.

Усы мүнәсибет пенен жәрияланған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажына «Тақыятас ыссылық станциясы» акционерлик жәми­йети жумысшылары да белсене қатнаспақта. Бүгинги күни кәрхананың ишки ҳәм сыртқы аймақларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, хызметкерлер тәрепинен 440 түп мийўе ҳәм 380 түп саяманлы терек нәли отырғызылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF