Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:14:18, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БАСЛЫҒЫ НӨКИС ҚАЛАСЫНДА ЖАҢАДАН ЖУМЫС БАСЛАҒАН МЕБЕЛЬ КӘРХАНАСЫНЫҢ АШЫЛЫЎ МӘРЕСИМИНЕ ҚАТНАСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында жаңадан шөлкемлестирилген мебель кәрханасының жумыслары менен танысты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.Худайбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Жаңа мебель кәрханасында мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириў тараўлары ҳәм жоқары оқыў орынлары ушын мебель ҳәм инвентарлар, спорт инвентарларын ислеп шығарыў жолға қойылған.

Кәрханада ислеўши жаслар Ташкент қаласында тәжирийбе арттырып, оқыў орынлары ушын жоқары сападағы мебеллерди ислеп шығармақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағындағы мектеплер, бақшалар, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары ушын зәрүр болған инвентарлардың жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылып атырғанлығын атап өтип, бул имканиятлардан кеңирек пайдаланыў кереклигине итибар қаратты.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF