Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:26:03, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛАЛАР ҚУЎАНЫШҚА БӨЛЕНДИ

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиндеги «Жаслар қанаты», Бердақ  атындағы  Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика факультетиниң студент-жаслары ҳәм тьюторлары  Хожели районындағы 17-санлы  қәнигелестирилген МШБШде  тәрбияланып атырған балалардан хабар алып, оларға  естелик саўғалары тапсырылды. 

Атап өтилгениндей, дүньяда балалардың қуўанышына, күлкисине ҳеш нәрсени алмастырып болмайды. Халқымыз  балажанлы халық. Перзентлериниң бахтын, келешегин ҳәмме нәрседен үстин қояды.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен перзентлеримиздиң келешеги, тәлим-тәрбиясы, әсиресе мектепке шекемги билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар оларға  болған  үлкен  итибардың  белгиси болып табылады.

Мағлыўмат  орнында айтып өтиў керек,  бүгинги  күнде  шөлкемде  имкания­ты шекленген 77 тәрбияланыўшы бар. Оларға  тәжирийбели педагог хызметкерлер тәлим-тәрбия бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF