Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:16:52, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АБАТ АЙМАҚҚА АЙЛАНҒАН ӘЛИЙ АЎЫЛЫ

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» принципи тийкарында, инсан қәдири айрықша улығланып, халықтың абат ҳәм пәраўан турмыс жасаўы ушын мәмлекетимизде нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Мойнақ районы аўыл пуқаралар жыйынындағы соңғы бир жыл ишиндеги жаңаланыўлар аймақта жасаўшы ҳәр бир инсан­ға қуўаныш бағышлайды. Атап айтатуғын болсақ, «Әлий аўылы», Өзбекстан Экологиялық партиясының басламасы менен жағдайы қыйын болған, Мойнақ районынан 80 километр қашықлықта жайласқан бул аўылға итибар қаратылып, кең көлемдеги жумыслар әмелге асырылды. 2021-жылдың 21-май-5-июнь күнлери аралығында Өзбекстан Экологиялық партиясы баслығы Н.Обломурадовтың басламасы менен қа­йырқомлық веломарафоны өткерилип, республика бойлап қатнасыўшылар Әндижаннан баслап Мойнақ ра­йоны — Аралдың қурыған ултанына шекем даўам етти. Веломарафонды өткериўдеги мақсет — қа­йырқомлық қаржылары арқалы «Әлий аўылы» аймағында абаданластырыў жумысларын шөлкемлестирип, аўыл халқы ушын барлық шараятларды жаратыўдан ибарат болып, веломарафон даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси 500 миллион сум қа­йырқомлық қаржысын ажыратты. Соның менен бирге, басқа ўәлаятларда жәрдем қолларын созды. Буннан тысқары, 2021-2022-жыллары партияның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты шөл­кемлери хызметкерлери, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң пидайы хызметкерлери турақлы түрде материаллық жәрдем көрсетип, экологиялық шембиликлер өткерип, объектлер қурылыс жумысларына белсене қатнасты. Экология комитети тәрепинен аўылдағы 72 хожалыққа азық-аўқат өнимлери тарқатылып берилди. Ҳәзирги күнде Экологиялық партияның хызметкерлери менен аўыл хал­қы жақын болып қалды.

«Әлий аўылы»нда бурын болмаған жаңа имаратлар бой көтерди. Ең дәслеп «Қызылжар» аўыл пуқаралар жыйынының кең, жақтылы жаңа имараты, халықтың қуўанышлы күнлерине хызмет ететуғын пайызлы заманагөй тойхана, социаллық хызметлер көрсетиў орайы — шаштәрезхана, тигиў цехы, компьютер залы, китапхана, балалар футбол майданшасы, ҳәттеки, нураныйлардың кеўилли дем алыўы ушын да әжайып орынлар,  жаңа заман талабына сай жаратылды. Экологлардың басламасы менен Аралбойы аймағында жасаўшы аўыл халқы ушын экологиялық жақтан қолайлы орталық, жасыл қапламалар пайда етиў мақсетинде «жасыл бағ» жаратылды. Әлбетте, булардың барлығы аўыл халқы ушын көптен күтилген қуўанышлы жаңалық болды. Енди аўыл халқы, әсиресе, жаслары барлық зәрүрли шараятлардан пайдалана алыў мүмкиншилигине ийе болмақта. Ашылыў салтанатлары да адамларға ҳақыйқый байрам кейпиятын бағышлады. Аўыл ақсақаллары  усындай ийгиликли ислери ушын елимиз басшыларына миннетдар болып, жақсы тилеклерин билдирди ҳәм енди бул аўылды «Әлий аўыл» деп емес, «Абат аўыл» деп атайтуғынын мақтаныш пенен атап өтти. Қулласы, бул аўыл енди абат аймаққа айланды. Әлбетте, соңғы ўақытлардағы аўыл ҳәм мәҳәллелердеги бундай жаңаланыўлар халықтың жасаў шараятын жақсылап, турмысының айдын ҳәм пәраўан болыўын тәмийинлейди.

 

Арыўхан ИСМАЙЛОВА,

Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF