Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:52:05, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАХТАКӨПИР: КЕМШИЛИКЛЕР СЫНҒА АЛЫНЫП, ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тахтакөпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атыр­ған жумыслар менен танысты.

Жоқарғы Кеңестиң Баслығы дәслеп райондағы бир қатар қурылыс объектлери, соның ишинде «Қоңырат­көл» аўыл пуқаралар жы­йынындағы 14-санлы балалар бақшасы имаратын ҳәм «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында «Қараой» пуқаралар жыйынындағы Мәденият орайының имаратында алып барылып атырған оңлаў жумысларын барып көрди. Қурылыс жумысларының сапалы жуўмақланыўын қадағалап барыў, белгиленген мүддеттен артта қалыўлар ушын тийисли шаралар көриў бойынша  жуўапкер уйымлар менен тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Буннан кейин минис­трликлер, комитет, басқарма, шөлкем, кәрхана, мәкеме басшылары ҳәм район белсендилериниң қатнасында мәжилис өткерилди.

Мәжилисте районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атыр­ған жумыслар менен бир қатарда айырым тараў ўәкиллери тәрепинен кемшиликлерге жол қойылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған субсидия қаржыларының  талан-тараж етилгенлиги, кредит қаржыларының, соның ишинде, банклердиң районлық филиаллары ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен қаржылардың мақсетсиз жумсалыўы, айырым фермер хожалықлары тәрепинен ажыра­тыл­ған қаржылардың нақластырып жумсап жиберилиўи, қурылыс жумысларындағы қосып жазыўлар ҳәм талан-тараж етиў жағдайлары, билимлендириў тараўындағы кемшиликлер сынға алынды. Сондай-ақ, секторлар кесиминде пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў қанаатландырарсыз екенлиги, транспорт, медицина, билимлендириў, кадастр тараўындағы қәте-кемшиликлер, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўындағы артта қалыўлар атап өтилди.

Атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Мәжилис соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орын­баев Тахта­көпир районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў ушын жәми 9,9 миллиард сум қаржы ажыратылатуғынлығын атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF