Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:46:08, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СӘРБИНАЗ — ӨЗБЕКСТАНДА БИРИНШИ

Келешегимиз болған жас әўладтың  камал табыўында билимлендириўдиң дәслепки буўыны болғ­ан мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызмети айрықша.

Бүгинги күнде бул тараўдағы алып барылып атырған реформалар, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, тәлим-тәрбия берип атырған устаз-тәрбияшылардың да жумысларын жеделлестириўге, олардың кәсиплик тәжирийбесин арттырыўға, заман талабына сай кишкенелердиң өсип-раўажланыўына, билим алыўына тийкар жаратпақта.

Жақында «Жыл тәрбияшысы — 2022» таңлаўының Өзбекстан басқышында қарақалпақстанлы еки тәрбияшы биринши орынды ийеледи ҳәм олардың ҳәр бирине 11 миллион сумнан қаржылай сыйлықлар, баҳалы саўғалар ҳәм диплом тапсырылған еди. Биз усы таңлаўда «Жылдың ең жақсы креатив тәрбияшысы» номинациясы бойынша жеңимпазы болған Хожели районлық 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы Сәрбиназ Ҳабибуллаева ҳаққында сөз етпекшимиз.

Ҳәр бир кәсиптиң өзине тән машақатлы жоллары болғанындай, кишкенелердиң кеўлине жол табыў,  оларға тәлим-тәрбия бериў машақатлы болыў менен бирге тәрбияшыдан сабыр-тақат, жоқары билим ҳәм оғада жуўапкершиликти талап етеди. Себеби, ҳәр шаңарақтың патшасы саналған шоқ, еркетай балаларымыздың тилин таўып, анасындай меҳир көрсетип баўырына басыў, өзине үйирсек етиў ҳәммениң де қолынан келе бермейди.

— Мен кәсибимди шын кеўлимнен жақсы көремен. Ҳәр күни балаларға тәлим-тәрбияда қандай да бир жаңалық үйретиўди өз алдыма мақсет етип қойғанман ҳәм ҳәр күни жумыстан қайтқанымда, өзиме-өзим бүгин балалаларға не бере алдым, деген сораў қояман. Әлбетте, балалардың ҳәр бири өзгеше әлем, бул әлемди дүньяға көрсетип бериў мениң кәсиплик миннетим, - дейди сәўбетлесимиз. — Таңлаў үш шәрттен ибарат болды. Онда тийкарынан жыл даўамында ислеген педагогикалық ис-тәжирийбелеримиз, педагогикалық концепция презентациясы, сондай-ақ, сораў-жуўаплар ҳәм қол мийнетинен исленген дөретиўшилик жумысларымыз баҳаланды. Бундай өткерилип атырған таңлаўлар биз тәрбияшылар ушын тәжирийбе мектебин жаратпақта, - дейди Сәрбиназ Ҳабибуллаева.

Ол бул тараўда бес жылдан берли педагогикалық хызмет көрсетип келмекте. 2017-жылы Бердақ атындағы ҚМУниң Қарақалпақ филологиясы факультетин тамамлап, Шымбай районындағы 15-санлы МШБ шөлкемине сипсекеш хызметкер болып жумысқа кирген болса, өзиниң шаққанлығы ҳәм қызығыўшылығы менен жәрдемши тәрбияшы, оннан соң тәрбияшылық исенип тапсырылды. 2018-жылы қайта таярлаў курсында оқып, мектепке шекемги билимлендириў тәрбияшысы дипломын алады. Соң, 2019-жылдан баслап Хожели районындағы 13-санлы МШБШне тәрбияшы болып жумысқа кирди. Бүгинги күнде методист-тәрбияшы болып, заман талабына сай жас әўладларға тәлим-тәрбия берип келмекте.

Оның менен сәўбетлесер екенбиз, өз үстинде тынбай излениўи, келешек әўладлардың ҳәр тәреплеме билимли, озық ойлы, руўхый  ҳәм физикалық жақтан камал табыўы ушын сапалы тәрбия бериўи менен бирге өз ис-тәжирийбелерин  газеталарда жәриялап киятыр.

Өз исиниң нағыз пидайылары бар екен, пер­зентлеримиз келешеги исенимли қолларда екенлигине исенимимиз артады.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: (солда) Сәрбиназ Ҳабибуллаева.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF