Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:09:36, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАРА-ЖҮЗИЎ БОЙЫНША КУБОК ЖАРЫСЫ ӨТКЕРИЛДИ

Нөкис қаласындағы республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде спорттың пара-жүзиў бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан кубогы жарысы өткерилди.

Биринши мәрте өткерилген кубок жарысына республикамыздың қала ҳәм ра­йонларынан келген физикалық имканияты шекленген қәбилет ийелери өзлериниң классификациясы бойынша өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағында қызлар арасында Шахзада Абыллаева, Турсынай Қалилаева, Асел Реймова, Шахноза Ережепбаева, ер балалар арасында Әзимжан Жанназаров, Ринат Рейимбаев, Айтуўған Шаниязов, Ғафур Реймов, Саламат Худияров биринши орынларды ийеледи.

Спортшыларды жарысқа тренерлер Азамат Ильясов ҳәм Әдилбек Кеңесбаевлар таярлады.

Жарысты өткериўге Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий паралимпиада комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими, республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектеби жақыннан жәрдем берди.

С.ЖОЛДЫБАЕВ,

ҚМУ студенти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF