Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:08:36, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОРҒАЎ БАСҚАРМАСЫ БАСЛЫҒЫНЫҢ КУБОГЫ

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасының басламасы менен Нөкис қаласында жасларымыздың спортқа болған қызығыўшылықларын және де арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жас әўладты уллы бабаларымыздай мәрт, физикалық жақтан күшли ҳәм ўатансүйгиш инсанлар етип тәрбиялаў мақсетинде спорттың оқ жайдан оқ атыў түри бо­йынша жаслар арасында Қорғаў басқармасы баслығының кубогы ушын жарыс болып өтти.

Жарысқа қала ҳәм районлардан жәми 100 ден аслам спортшылар қатнасып, өз-ара беллесиўлер алып барды. Өткерилген қызғын беллесиўлер барысында өзлериниң мергенлик шеберликлерин жақсы нәтийжелер менен көрсете алған қатнасыўшылар жарыс жуўмағында жеңимпаз болыўға еристи ҳәм жарыс шөлкемлестириўшилери тәрепинен кубок, медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен мүнәсип сыйлықланды.  

А.ХОЖАНАЗАРОВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы

Қорғаў басқармасы Баспасөз топарының бас қәнигеси, капитан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF