Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:39:49, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Денсаўлығы беккем адамның өмири мазмунлы ҳәм бахытлы кешеди. Сонлықтан да, оның таптырмайтуғын бахыт екенлигин түсинип жасаў ушын инсанда медициналық мәденият қәлиплескен болыўы тийис.

Халықтың медициналық саўатлылығын ҳәм мәдениятын қәлиплестириў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў елимизде мәмлекетлик әҳмийетке ийе ўазыйпалардан бири саналады. Себеби, бүгинги күни елимизде басқа тараўлар сыяқлы денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атырған реформалардың көлеми үлкен. Бул болса, келешек әўладтың нәўқыран болып ержетиўине үлес қосары анық.

«Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фондының Қарақалпақстан Республикасы филиалы шыпакерлери тәрептнен Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының «Улыўма абаданлық жолында халықтың саламатлығын жақсылаў» атлы мәмлекетлик грант жойбары бо­йынша Шымбай ра­йонындағы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйыны тур­ғынлары арасында усы жылдың август-сентябрь айында семинарлар өткерилди. Илажларда тийкарынан саламат турмыс тәризи, дурыс аўқатланыўдың пайдасы ҳәм спорт пенен шуғылланыўдың абзаллықлары туўралы тәжирийбели шыпакерлер, жойбар баслығы О.Ембергенова, координатор Г.Қайпановалар кең түрде түсиниклер берди.

— Өзиңиз билесиз, биз ҳаяллар үй жумыслары, бала тәрбиясы деп медициналық тексериўден өтиўге ўақтымызды қызғанамыз. Семинарға қатнасып, денсаўлығымыз ушын итибарлы болыўдың пайдалы екенлигин түсинип алдық. Алдағы ўақытлары өзлеримиз ҳәм перзент­леримиздиң саламатлығын беккемлеўге бийпәрўа болмаймыз, - дейди семинар қатнасыўшысы Б.Хожаметова.

Семинар жуўмағында таңлаў өткерилди. 5 шаңарақ ағзалары қатнасқан бул таңлаўда Қ.Өтеновтың шаңарақ ағзалары жеңимпазлықты қолға киргизди. Ал, Б.Қудайбергенов ҳәм Р.Назарбаевлардың шаңарақ ағзалары сыйлы орынды ийеледи. Жеңимпазлар қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз,

Шымбай районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF