Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:00:00, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЕТКИ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Өзбекстан Республикасы Президенти  жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы С.Данияровтың қатнасыўында Қоңырат районының шетки «Елабад» ҳәм «Қырқ­қыз» посёлкалық пуқаралар жы­йынларының турғынлары менен көшпели қабыллаў өткерилди.

«Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйынында болып өткен қабыллаўда район прокуроры, 2-cектордың басшысы Ж.Муфтуллаев, «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасының бас директоры Ж.Мустафаев, еки посёлкалық пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты. Қабыллаў барысында бәнтлик, турақ жай менен тәмийинлеў, кредит ажыратыў, субсияда бериў тәртиби сыяқлы халықты бүгинги күни қыйнап киятырған  мәселелер бойынша мүрәжатлары тыңланды. Олардың көпшилиги сол жердиң өзинде шешимин тапты. Мүддет талап ететуғынларының орынланыўы қадағалаўға алынды.

Илажда сондай-ақ, аймақларда жумыс алып баратуғын ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери менен ушырасыў өткерилип, олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў рейтинг көрсеткишлериниң бүгинги жағдайы талланды.


Қарақалпақстан 
хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF