Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:58:05, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«САМАНБАЙ» ЕЛАТЫ ДА АБАДАНЛАСПАҚТА

Нөкис қаласындағы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынындағы 735 хожалықта, 4200 ден аслам адам жасайды. Аймақта бир үлкен гүзар жол ҳәм оған кесилисетуғын 26 киши көше бар.

Усы аймақтағы абадан­лас­тырыў, қурылыс-оңлаў жумысларына жуўапкер етип Президент админис­трациясынан, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетинен, прокуратурадан, айрықша жағдайлар басқармасынан және басқа бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлерден 50ге шамалас хызметкерлер бекитилген болып, олар бул бағдардағы жумыслардың жедел ҳәм сапалы алып барылыўы ушын ҳәрекет етпекте.

Жақында усы елатлы пункттиң ортасынан кесип өтетуғын гүзар жолдағы жолаўшылар ушын қолайсыз болып қалған жолды қайта асфальтлаў бойынша жумыслар басланды.

— Абаданластырыў жумысларына жуўапкер етип бекитилген тараў қәнигелери үйме-үй кирип, халықтың пикир-усынысларын тыңлап, машқалалары үйренилмекте,-дейди Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң басқарма баслығы А.Халмуродов. — Соннан келип шыққан ҳалда тийисли жумыслар шөлкемлестирилип, билдирилген пикир-усыныслар тийкарында таяр­ланған режеге муўапық, бир қатар қурылыс, оңлаў, абаданластырыў илажлары шөлкемлестирилди.

Усы күнге шекем 87 шаңараққа тийисли турақ жайдың сырты ҳәкленди. Көшелердиң айырым бос жатқан жерлерине терек нәллери егилди, абаданластырылды.

Ҳәзирги күнге шекем жигирма көшеге қум шағыл тас араласпасы төселип, тегисленди. Бул жумысларға тийисли қәнигелер менен бирге, 2 грейдер, 1 каток, 1 водовоз, 1 асфальтлаў машинасы, жәми оннан аслам ҳәр қыйлы техникалар қатнаспақта. Аймақтағы оннан аслам жумыссыз пуқара да ўақтынша жумыс пенен тәмийинленип, усы жумысларға тартылған.

Усы күнге шекем 244 рейсте 5 мың куб метрге шамалас қум шағыл тас араласпасы алып келинди ҳәм көшелерге жайылып, тегисленди.

Ишки көшелерден, жәми 308 метрлик жол асфальтланды.

Бүгин аймақтың орайынан өтиўши 1750 метрлик «Cаманбай гүзары» көшесин асфальтлаў жумыслары басланды. Усы гүзар жолдың еки бойында абаданластырыў жумыслары қосып алып барылмақта.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF