Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:40:07, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УМЫТЫЛМАС МӘЎРИТЛЕРГЕ БАЙ БОЛҒАН ФЕСТИВАЛЬ

Пүткил республикамыз бойлап «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип атырған Мәнаўият фестивалы Қараөзек районында да көтериңки кейпиятта өткерилди.

Район ҳәкими Узақберген Утамбетов басшылығындағы бир қатар белсендилер тәрепинен жыллы жүзлилик пенен күтип алынған үгит-нәсиятшылар топары Қараөзектиң көплеген аймақларында болып кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты ҳәм сәўбетлесиўлер өткерди.

17-август күни Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында басланған фестиваль,  районның ең шетки аймағы есапланған  Қараөзек аўыл пуқаралар жыйынында даўам етти.

Кешқурын районлық Мәденият бөлими майданшасында өткерилген гала концертте Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Козим Каюмов, «Лазги» ансамбли қосықшысы Назокат Жаббарова ҳәм белгили эстрада қосықшылары тәрепинен ана-Ўатан ҳәм елимиздеги халықлар арасындағы дослық ҳәм татыўлықты жырлаўшы қосықлар атқарылып, олар концерт қатнасыўшыларының алғысына миясар болды.

Ал,18-август күни болса, мийманлар Академик С.Камалов атындағы аўыл пуқаралар жыйынындағы 5-санлы мектепте болып, ол жерде шөлкемлестирилген  миллий үрп-әдет дәстүрлер, китаплар көргизбелерин тамашалады ҳәм  “Шаңарақ-мәнаўият қорғаны” жойбары тийкарында мәҳәллелерде саламат социаллық-руўхый орталық еркинлигин тәмийинлеў, шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў бойынша сәўбетлесиўлер алып барды ҳәм йошлы қосықлар атқарды.

Соңынан топар ағзалары Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы мектепте болып, Өзбекстан кино шеберлери тәрепинен сүўретке алынған «101-рейс» атлы көркем фильмин тамашалады ҳәм кино актёрлар менен сәўбетлесип, өз-ара пикир алысты.

Сондай-ақ, үгит-нәсиятшылар топары ағзалары Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы Агроэкономика техникумында болып, мәҳәллелерде саламат социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириў, ерте турмыс қурыў, шаңарақлық ажырасыўлар ҳәм   нызамлы некеден өтпестен шәрий неке менен жасаў ҳалатларының алдын алыўға қаратылған «Шаңарақ – мәнаўият қорғаны» атамасында сәўбетлесиў кешесин өткерди.

Ал, А.Досназаров атындағы аўыл пуқаралар жыйынында өткерилген ушырасыў кешесинде болса, аўыл халқы Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист Олим Тошбоевтың мийнет жолы ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысты ҳәм журналистикаға қызығыўшы жаслар белгили журналистке өзлерин қызықтырған сораўларын берип, оған тийисли жуўаплар алды.

Қараөзек районы бойлап өткерилген бул илажларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығы Собир Шукуров, белгили кино ҳәм театр актёрлары  Өзбекстан халық артисти Дилорам Каримова, Мансур Тошматов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер Матякуб Матжанов,  Меҳмонали Салимов, Алишер Рузметов ҳәм басқа да көркем өнер ғайраткерлери қатнасты.

Өткерилген бул Мәнаўият фестивалы район халқының кеўлинде умытылмас тәсирлер қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF