Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:45:52, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЖЫХАНАШЫЛАР ӘСКЕРИЙ ПОЛИГОНДА ӘМЕЛИЙ ШЫНЫҒЫЎЛАР ӨТКЕРДИ

Хызметкерлериниң физикалық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў, өткерилген теориялық сабақларды әмелде беккемлеп барыў мақсетинде  Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының жеке қурамы менен Арқа-батыс әскерий округине қараслы «Нөкис» улыўма әскерий полигонында әмелий шынығыўлар шөлкемлестирилди.

Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, олардың әскерий интизамға бойсыныўы ҳәм өзлерине бириктирилген оқатар қурал- жарақларынан пайдаланыў бойынша көнликпелерин турақлы түрде беккемлеп барыў мақсетинде дала оқыў шынығыўларын өткериў жолға қойылған.

Арқа-батыс әскерий округи менен биргеликте өткерилген оқыў шынығыўларында тастыйықланған реже-кесте тийкарында  республикамызда хызмет етип атырған бажыханашылар менен дәслеп сап тартыў тексериўи өткерилип, олардың қуралсыз сап тартыў усылларын орынлаў бойынша көнликпелери әмелиятта беккемленди. Бунда әскерий хызметкерлер, киши бөлимше ҳәм бөлимлердиң улыўма әскерий режелерине муўапық, пияда ҳәм машиналарда биргеликте ҳәрекет етиў ушын жайласыўына, әскерий хызметкерлердиң ҳәр бир ҳәрекети Өзбекстан Республикасының Сап режеси талаплары тийкарында әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратылды.

Радиациялық, химиялық, биологиялық қорғаныў бойынша өткерилген гезектеги әмелий шынығыўда бажыхана хызметкерлериниң жеке ҳәм командалық қорғаныў қуралларынан пайдаланыў бойынша билим және көнликпелери арттырылды. Хызметкерлер радиациялық нурланыў қәўпин азайтатуғын, химиялық элементлердиң тәсиринен қорғайтуғын арнаўлы қуралларда ҳәрекетленип, алдыңғы тосықларды сапластырды ҳәм белгиленген ўазыйпаларды оператив орынлаў бойынша әмелий шынығыўларды орынлады.

Әскерий топография бойынша өткерилген шынығыўлар даўамында орнында картасыз ориентирлеў, горизонт тәреплерин анықлаў бойынша оқыўсабақлары шөлкемлестирилди. Бунда теориялық билимлерди визуалластырыўға итибар қаратылып, картада аралықты өлшеў бойынша стиллик видеосабақлар көрсетилди.

Күнниң екинши ярымында бажыханашылар оқатар қуралларынан әмелий атыў шынығыўларын орынлады. Басқарманың әскерий мобилизациялық,жаўынгерлик таярлық ҳәм қорғаў бөлиминиң баслығы ҳәм Арқа-батыс әскерий округиниң офицерлеринен қуралған шынығыў басшыларының бақлаўында хызметкерлер оқ атыў бойынша өзлериниң көнликпелерин арттырды. Жүдә қызғын тәризде өткен шынығыўларда хызметкерлер нышанды анық алыў, керекли орында тийисли позицияны ийелеў ҳәм нышанға қарата оқ атыў шынығыўларын орынлады.

Бундай илажлар күш структураларының биргеликтеги ҳәрекетин тәмийинлеп, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын және де арттырыўға хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF