Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:51:26, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘНАЎИЯТ ФЕСТИВАЛЫ КӨТЕРИҢКИ РУЎХТА БАСЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 1-августтағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарында атап өтилгениндей, миллий ғәрезсизлик ел-журтымыз ушын дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў, соның ишинде, турмыстың ҳәр қыйлы тараўлары менен тармақларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ушын беккем негиз жаратып, ерисип атырған барлық табысларымыз бенен шеклеримиздиң тийкарғы дәреги болып келмекте.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги байрамының алдында Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде, бүгин пүткил республикамыз бойлап «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында Мәнаўият фестивалы басланды.

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Нөкис районында да бул Мәнаўият фестивалы шөлкемлескенлик пенен көтериңки кейпиятта болып өтпекте.

Оған район кең жәмийетшилиги менен бирге Ташкент қаласынан келген үгит-нәсият топарының ағзалары-белгили мәденият ҳәм көркем өнер тараўының хызметкерлери, илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, қәбилетли жаслар қатнасты.

Фестивалдың ашылыўында сөз сөйлеген район ҳәкими Өмирбай Уснатдинов аймақ халқын ҳәм үгит-нәсиятшылар топарын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен қутлықлап, елимиздиң еле де гүллеп-раўажланыўы жолында мийнет етип барлық дөретиўши инсанлардың алдағы жумысларына табыслар тиледи.

Буннан соң фестивалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығы С.Шукуров, пүткил елимизге белгили кино ҳәм театр актёрлары  Өзбекстан халық артисти Д.Каримова, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер А.Мигнаров, М.Салимов, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети кафедра баслығы О.Тошбаевлар илаж қатнасыўшылар Ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлап, өзлериниң туўылған жер, ана- Ўатан, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың ҳәм халықлар арасындағы дослық қәдири ҳаққындағы жыйналғанларға кең түсиниклер берди. Халқымыздың уллы шайыр ҳәм жазыўшылары Әжинияз, Ибрайым Юсупов, Абдулла Арипов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтың шығармаларынан үзиндилер оқып,  илаж қатнасыўшыларын еркинлик ҳәм парахатшылықтың  қәдирине жетиўге шақырды.

Ал, эстрада қосықшылары «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Рухшона Маткаримова, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының қосықшысы Зилола Маткаримова, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист М.Нуржанова, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлими қосықшылары Бахтияр Қазақбаев,  Арысланбек Асқаров ҳәм районлық мәденият бөлими хызметкерлери, 15-санлы Балалар Музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрепинен атқарылған йошлы қосықлар жыйналғанлардың кеўлин көтерип, оларға айрықша зор кейпият бағышлады.

Сондай-ақ, сол күни мектеп оқыўшылары арасында «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» атамасында сүўретлеў өнери бойынша таңлаў өткерилди ҳәм оның жеңимпазлары Ташкенттен келген мийманлар қолынан мақтаў жарлығын алыўға еристи. Соның менен бирге илаж даўамында район, республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги таңлаў ҳәм спорт жарысларына белсене қатнасып киятырған жаслар ҳәм тараў пидайылары да район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Буннан соң илаж қатнасыўшылары фестивал шеңберинде Нөкис районлық медицина бирлеспесинде болып  «Меҳир мүриўбет ҳәм сақаўат» акциясын өткерди ҳәм ол жерде емленип атырған наўқаслар, медицина хызметкерлери менен ушырасып,  оларға өзлериниң жыллы тилеклерин билдирди.

Сондай-ақ, усы күни илаж қатнасыўшылары районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде белгили режиссёр Ибраҳим Расулов тәрепинен сахналастырылған уллы шайырлар Хамид Әлимжан ҳәм Зулфияның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Муҳаббат бәҳәри» қинофильминиң премьерасын өткерди ҳәм тамашагөйлер нәзерине усынды.

-Мен бул фестивалдан үлкен тәсирлер алдым,-дейди район турғыны Ҳүрлиман Бердиева.-Әсиресе, шайыр Зулфия ҳәм Хамид Әлимжанның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған кино фильм ҳәммеде унамлы тәсир қалдырды. Әсиресе, дөретиўшиликке қызығыўшы оқыўшы жасларымыз санасына унамлы тәсир етти деп ойлайман.

Соның менен бирге фестивал шеңберинде «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында да илаж қатнасыўшылары тәрепинен «Жаңа Өзбекстан, жаңаша көзқарас» атамасында мәдений-ағартыўшылық илажы болып өтти.

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген руўхый-ағартыўшылық илажлар орынларда даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF