Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:49:52, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БӨДЕНЕЛЕРДИҢ ТЕЗ КӨБЕЙИЎИ ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ БАСЛАДЫ

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик салық инспекцияларының исбилерменликти қоллап-қуўатлаў секторлары тәрепинен «Салықшы-исбилерменге көмекши» принципи тийкарында жәрдемге зәрүр болған кәрханалар үйренилип, тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

Барлық қала ҳәм районларда жаңадан ашылған кәрханаларға дәслепки бухгалтериялық есап тапсырыў қағыйдалары бойынша түсиник жумыслары алып барылып, салық режимин таңлаўға жәрдем көрсетилип, салық жеңилликлери ҳәм  товарлардан әмелде пайдаланылыўы бойынша мағлыўматлар берилмекте. Артықша төленген суммалары қайтарылмақта.

Мәселен, жаңадан дизимнен өткен «Саманбай бөденеси» өндирислик  кәрханасына Нөкис районындағы 4-сектор тәрепинен «Салықшы-исбилерменге көмекши» принципи тийкарында бөдене сақлаў мақсетинде 33 миллион сумлық кредит алыўда жәрдем көрсетилген. Сектор тәрепинен бөденелерди көбейтиў ушын инкубатор да алып берилген.

Ҳәзирги күнде бул кәрхана 2000 ға шамалас бөдене бағып, халыққа ҳәм ишки базарға арзан және сапалы бөдене мәйеклерин ҳәм бөдене гөшлерин жеткерип бермекте.

  • Бизлер ең дәслеп Хорезм ўәлаятынан 30 бөдене сатып алып балаларымызға, шаңарағымызға гөши менен мәйегин алыў ушын сақлап баслаған едик,-дейди Гүлзар Жамғырбаева. – Бөденелер тез көбейеди екен. Қоңсы-қобалардан гөши менен мәйегине қарыйдарлар көп болды.

Сонлықтан, оны сақлаўдан қосымша дәрамат алыў мақсетинде кредит алып жумысларымызды кеңейттик. Ҳәким жәрдемшиси, 4-сектор тәрепинен қосымша жәрдемлер берилди. Атап айтқанда, инкубатор алып берилди. «Салықшы-исбилерменге көмекши» принципи тийкарында бизлерге әмелий жәрдем көрсетилди.

Ҳәзирше бизлерде бир адам жумыс пенен тәмийинленген. Алдағы ўақытлары бөдене санын еле де көбейтип, оны сақлайтуғын кетеклерди де кеңейтип, қосымша таўықлар да алып, және еки-үш адамды жумыс пенен тәмийинлеймиз, деген нийетимиз бар.

Нөкис районында усындай шаңарақлық исбилерменлик пенен шуғылланыўды баслаған ҳәм баслаў нийетинде болған басқа да бир қатар пуқараларға әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Атап айтқанда, «Ақмаңғыт камалак инвест» ЖШЖ  Нөкис районы аймағында 2022-жыл апрель айында жаңадан ашылған болып, шет мәмлекетлерден жаңадан үскенелер алып келип өз жумысын баслаған. Сапалы ҳәм арзан баҳада жас балалар ушын кийим-кеншеклер тигилмекте.

– «Ақмаңғыт камалак инвест» ЖШЖ  ға «Салықшы-исбилерменге көмекши» принципи тийкарында, ең дәслепки бухгальтериялық жумысларын жүргизиўинде, жеңилликлерден пайдаланыўына жәрдем көрсетилди,-дейди Нөкис районы Мәмлекетлик салық инспекциясының Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў секторының бас инспекторы  М.Ниетуллаева. – Жәмийет ҳәзирги күнде 52 адамды жумыс пенен тәмийинлеп, халыққа хызмет көрсетпекте. Алдағы ўақытларда жумысларын және де кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар.

Сондай-ақ, «Азамат пластик роом» ЖШЖ өз жумысын район аймағында 2022-жылдың май айында баслаған еди. Оған да «Салықшы-исбилерменге көмекши» принципи тийкарында дәслепки бухгалтериялық жумысларын жүргизиўде әмелий жәрдем көрсетилди. Бул кәрхана ҳәзирги күнде  заманагөй пластик айналарды, есиклерди ислеп шығарып, халыққа арзан ҳәм сапалы өнимлерди жеткерип бермекте. Олардың да кәрхананы еле де кеңейтип, жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар.

Райондағы салық инспекциясы хызметкерлери тәрепинен исбилерменликти қоллап-қүўатлаў жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF