Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:02:13, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОТЫЗ ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 13-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз үшинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тас­тыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде дәслеп «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң ағзасы Х.Ешимбетов баянат жасады.

Нызам жойбары менен ҳәрекеттеги 5 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усынылмақта. Атап айтқанда, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының статусы ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы, «Парламент­лик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатын шақырып алыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының есабаты ҳаққындағы мәселе бойынша Министрлер Кеңесиниң Баслығы      Қ.Сариев шығып сөйледи.

Атап өткениндей, пәрман талапларын орынлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ми­нис­трлер Кеңесиниң 2022-жыл 9-февральдағы қарары менен «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы 5 бағдар, 40 мақсет ҳәм 107 бәнттен ибарат аймақлық бағдарлама қабыл етилди.

Бағдарламаның ҳәр бир бөлимине Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары, ҳәр бир бәнтиниң орынланыўына министрлик ҳәм басқарма баслықлары жуўапкер етип бириктирилди.

Биринши ярым жыллықта жалпы аймақлық өним 103,5, соннан санаат 100,5, аўыл хожалығы 103,3, қурылыс 105,6, хызмет көрсетиў 116,2 процент өсими тәмийинленди. Аймақлық бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў арқалы усы жылдың ақырына шекем жоқары экономикалық өсимге ерисиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынып, жалпы аймақлық өним 106,1, соннан санаат 105,4, аўыл хожалығы 103,1, инвестициялардың көлеми 102,4, қурылыс 108, хызмет көрсетиў 151 процент өсимин тәмийинлеўдиң илажы көриледи.

Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, сессияда Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2022-жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында басқарма баслығының есабаты, ҳуқықбузарлықтың алдын ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабаты, 2022-жылдың биринши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм ҳуқықты қолланыў әме­лиятының жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси тыңланды.

Депутатлар бул мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессия соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Прези­диу­мының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселе көрип шығылып, бул бойынша тийисли  қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF