Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:19:42, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДҮНЬЯНЫ ЖАҚСЫЛАР ҚУТҚАРАДЫ

Өмирдиң қатал, ойлы-бәлентли сынақлары ҳеш кимниң маңлайынан сыйпап, мәпелемеген. Қайтама оның дәккисин жеп, өзин тиклей алмай атырғанлар қаншама дейсиз.

Қыйыншылықлар қысыўметиниң қурсаўынан шыға алмай,  машқаладан есеңкиреп атырғанда, бийғәрез жәрдем қолын созатуғын мийрим-шәпәәтли инсанлар дус келсе,  еңсең көтерилип, өмирден қуштарланып жасаўға умтыласаң.

Қатықтай уйып, аўызбиршиликте еки қыз, бир улды мәпелеп тәрбиялап атырған пайтахтымыздағы «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйынының «Күн шығар» көшесинде жасап атырған Расберген Ибадуллаев ҳәм Гүлчеҳра Алламуратовалардың шаңарағы 2016-жылы күтилмегенде аўыр мүсийбетке дус келди. Шаңарақ баслығы  перзентлерине мийримли, балаларын жер-көкке исенбейтуғын Расберген оларды көзи қыймай, сум әжелдиң алдында илажсызлықтан өмирден жаслай кетти. Бәринен де бетери, бул жоғалтыў Гүлчеҳраға қатты соққы болды. Байғус ана шырлаған үш перзенти менен бозлап қала берди.

Жақсы нийет пенен отаў қурғаннан соң, қолы келтеликтен жас шаңарақ ийелери имаратлы боламан дегенше, ҳәр кимниң қуўыс-қолтығында ижара пулынан аўыстырып, «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жайдың тырнағын қалап, ықшам ғана имарат тикледи. Енди жайымызда бахытлы жасаймыз деген әрманларына жеттик дегенде, тәғдирдиң аўыр сынағы кес болғаны аянышлы еди.

Келте жип гүрмеўге келмей, жай тикленгени менен кемисин толтырыў үш перзент­тиң ортасында шырлап  қалған Гүлчеҳраға аңсатқа түспеди. Қыстың қары, гүзли-бәҳәрги нөсер жаўынлар шиферсиз жайдан өтип, берекетин қашырды. Жылытыў тармағысыз, контромарка печьтиң жылыўы оншама қыздырмағаны былай турсын, машақаты оннан асып түскенин айтып отырыў узақ сәббе гүрриң. Лекин, өмир қашан­ғы қыйыншылыққа дусласқанларды сынап, муқата берсин.

Быйыл оларға бахыт күлип бақты. «Дүньяны жақсылық қутқарады» деген ибаралы гәп бийкарға айтылмағанлығын бул шаңарақ ағзалары өз басынан кеширип атыр.

Өзбекстан  мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы жәмәәти усынысы бойынша Г. Алламуратованың шаңарағына қәўендерлик жәрдеми берилмекте. Атап айтқанда, жайдың төбеси шиферланып, заманагөй терезелер жаңадан орнатылғаны, көп пайытлардан берли адам қолы тиймеген имараттың жамалын өзгеше түске ендирипти. Қурылыс жумысларын алып барып атырған ағаларының жумысларынан Жасмина, Мадина ҳәм Расуллардың кеўли тоқ екенлигин күлимлеген жүзлеринен бақлаўға болады.

— Филиалымыз жәмәәти ҳәр жылы қы­йыншылыққа ушыраған шаңарақларға жәрдем бериўди әмелге асырып келмекте. Быйыл да унамлы дәстүримизди даўам еттириў ушын «Жаңабазар» МПЖ баслығы менен ойласқанымызда Г.Алламуратоваға көмек бергенимизди мақул көрди. Мине бүгинги күнде жылытыў тармағын, қазанхананы орнатыў, шиферлаў, терезе орнатыў жумысларын сапалы етип жуўмақладық. Ишки безеў  жумыслары жуўмақланыў алдында. Қуда қәлесе,  быйыл Г.Алламуратова перзентлери менен Ғәрезсизлик байрамын өзгеше байрам кейпиятында күтип алатуғынлығына жәмәәтимиз ағзаларының исеними кәмил. Инсан қәдири улығланған елде жасап атырғанлығын көрген, перзентлеримиз бахытлы турмыста жасап атырғанлығын көриўден артық бахыт болмаса керек,-дейди филиалдың ислер басқармасының баслығы Сапарбай Ақназаров, - дейди ықлас пенен мийнет етип атырған жигитлердиң ҳәрекетлерине кеўли толған пишинде.

Биз жигитлер менен хошласып атырған пайытымызда, жумысынан келген Гүлчеҳра Алламуратова жай-жағдайды түсингеннен соң кеўлиндеги гәплерин айтты:

— Ел-халқына қабырғасы қайысып, жәрдем берип атырған Филиал жәмәәтине миннетдаршылығым шексиз. Әсиресе, перзентлеримниң шадлы күлкилерин  көрип, бахытлы елде жасап атырғанымнан қуўанышлыман. Бундай мүриўбетли инсанлардың қатары көбейе берсин, - дейди Гүлчеҳра Алламуратова  толқынланып.

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз Нөкис қаласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF