Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:36:32, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҚАЎЫН ШЫБЫНЫ» ЗЫЯНКЕСИНЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ

Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери хал­қымыз дастурханың молшылығын тәмийинлеў ушын көп ғана мийўе-палыз өнимлерин жетистирип келмекте. Әлбетте, қандай өним болмасын, оның тәрбия­сына, өсип-раўажланыўына итибар қаратыў әҳмийетли есапланады.

Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен республикамыз аймақларында жетистирилип атырған мийўе-палыз егинлерине күшли зыян тийгизип, экспорт көлеминиң кеме­йиўине себеп болыўы мүмкин болған «қаўын шыбыны» зыянкесине, мийўели тереклердиң бактериялық күйиў         кеселлигине, мәдений өсимликлердиң өсиўи ҳәм раўажланыўына кери тәсир ететуғын сарышөп, кекире жабайы шөплерине қарсы ғалабалық гүресиў илажларын шөлкемлестириў бойынша усы жылдың   16-июлинен   8-августына шекем «Әҳми­йетли он бес күнлик» деп белгиленген еди. Бул илажлар шеңберинде республикамыздың барлық аймақларында қаўын атызлары ҳәм ҳәр қыйлы жабайы шөплер ушырасыўы мүмкин болған атызлар мониторингтен өткерилип, карантин илажлары қызғын алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң аймақларға бириктирилген инспекторлары тәрепинен ҳәр еки гектарға бир дана феромон тутқышлар орнатылып, мониторинг жүргизиў илажлары алып барылып, егинди зыянкеслерден қорғаў бойынша фермер хожалықларына зәрүрли мәсләҳәт ҳәм усыныслар берилип келинбекте. Усы жерде айтып өтиўимиз орынлы, мийўе-палыз егинлерине зыян келтириўши ҳәм экспорт көлеминиң кемейиўине себепши болыўы мүмкин болған «қаўын шыбыны» (Myiopardalis Pardalina Big) зыянкеси Өзбекстан Республикасы аймағына 2001-жылдан баслап күшли зыян келтирип баслады.

Бул қаўын шыбыны қаўын қабығы астына мәйек қояды, 3-4 күннен соң мәйектен қурт шығып, қаўынның жумсақ қатламына жылан изи қалдырып кирип барады ҳәм азықланады. Қурт тоқ сар­ғыш реңде болып, узынлығы 5-12 мм.ден ибарат. Қурт қаўын ишинде 10 күн әтирапында жасағаннан соң 15 см тереңликке, яғный, топырақ ишинде жасалма қуўыршаққа айланады. Ақыбетинде, қаўынлар писпей турып атызда ширип-айнып кетеди. Бул зыянкеске қарсы гүресиў илажын алып бар­ғанда феромон тутқышлар жәрдеминде зыянкеслерди анықлағаннан соң руқсат етилген инсектицидлер жәрдеминде ислеў бериледи. Қаўын шыбынының қыслаўға кеткен жасалма қуўыршақларын  жоқ етиў ушын гүз айында атыз майданларын 30-40 см тереңликте сүрип, соңынан толтырып суўғарыў усыныс етиледи. Қаўын өнимин жыйнап алыўдан 20 күн алдын препаратларды қолланыўды тоқтатыў керек. Сол себепли де Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги инс­пекторлары тәрепинен аймақлардағы  қаўын атызларының фитосанитариялық тазалығын тәмийинлеў, зыянкеслерден қорғаў мақсетинде карантин илажлары күшейттирилмекте. Усы жылдың  июнь-июль айларында  республикамыздан 973,6 тонна қаўын өними инспекторлар тәрепинен тексериўден өткерилип, фитосанитариялық сертификатлар менен тәмийинленгеннен соң қоңсылас Қазақстан Республикасына экспортқа шығарыўға руқсат етилген. 

— Усы жылдың 27-июлинен 8-августына шекем 5586 гектар қаўын атызлары қадағалаўдан өткерилген болып, соннан 195 гектар майданда зыянлы организм­лер анықланып, оларға қарсы гүресиў 41544 м2 майданда химиялық усылда, 935 гектар майданда агротехникалық, 1086,4 гектарда биологиялық усылда қарсы гүресиў илажлары алып барылды. Мәселен, Шымбай районында алып барылған мониторинг илажлары даўамында ( усы жылдың 27-июлинен 8-августына шекемги) 3 гектар майданда, Нөкис районында 40 гектар қаўын атызларында қаўын шыбыны анықланып, олар­ға қарсы химиялық усылда қарсы гүресиў илажлары алып барылды, - дейди агент­ликтиң Мийўе-овощ, палыз ҳәм собықлы егинлер қадағалаўы бөлими баслығы Р.Артықбаев өз сөзинде.

Карантин илажлары даўамында қаўын шыбыны зыянкеси мийўели тереклердиң бактериялық күйиў кеселлиги менен мәдений өсимликлердиң өсиўи ҳәм раўажланыўына кери тәсир ететуғын сарышөп, кекире жабайы шөплериниң күшли тарқалыў ошақлары анықланса, агентликке хабарнама жиберилиўи, фитосанитариялық талаплар өз ўақтында орынланбаған жағдайда нызамлы шара қолланылыўы бойынша дийқан-фермер хожалықларына түсиндириў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Әлбетте, бундай әҳми­йетли илажлардың сапалы алып барылыўы қаўынның зыянланыўының ҳәм зыянкестиң тарқалыўының алдын алыўда, фитосанита­риялық таза өним жетистириўде ҳәм экспортқа сапалы өним шығыўын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: өткерилген илажлардан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF