Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:03:33, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙМАҚЛЫҚ БАСҚЫШТЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт  мектебинде «Парламент ойынлары» спорт жарысларының аймақлық басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының кубоги ушын дәстүрий тәризде өткерилип атырған жарыстың аймақлық басқышында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты командалары мини футбол ҳәм бадминтон бойынша жарысты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының гимнлери жаңлады.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Буннан кейин жарысларға старт берилди. Дәслеп мини футбол бойынша Қанлыкөл районы ҳәм Шават районы командалары өз-ара ушырасты. Бул ушырасыўда майдан ийелери жеңиске еристи.

Бадминтон бойынша Хожели районлық Кеңесиниң депутаты Дилбар Ранова ҳәм Хийўа қалалық Кеңесиниң депутаты Феруза Юсупова майданға түсти. Бул ушырасыўда Дилбар Ранова жеңиске еристи.

Еслетип өтемиз, волейбол, стол тенниси бойынша аймақлық басқыш жарыслары жақында Хорезм ўәлаятында болып өткен еди. Онда волейбол бойынша Нөкис районлық Кеңеси депутатлары командасы, стол тенниси бойынша ерлер арасында Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Инамжан Балтабаев, ҳаял-қызлар арасында Қараөзек районлық Кеңесиниң депутаты Гүлзийра Садықова жеңиске ерисип, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

«Парламент ойынлары» спорт жарысларының аймақлық басқышының жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF