Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:06:56, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫНЫҢ ДӘСЛЕПКИ КҮНИНДЕ... 

Усы жыл 8-август күни 2022-2023-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдары бойынша тест сынақлары басланып, республикамыздағы жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары Нөкис қаласында 4 орында өткерилмекте.

Өткен бир күн даўамында Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң 2 спорт залында,  республика ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң спорт залында, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде, еки сменада, жәми 4620 абитуриент тест сынақларын тапсырыўы белгиленген болса, оған 4448 абитуриент қатнасқан.

– Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде абитуриентлердиң тест сынақларға қатнасыўы, қәўипсизлиги, тест сынақларының ашық-айдын, әдил өткерилиўи ушын барлық шараятлар жаратылған,-дейди Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң қәнигеси Д.Көшкинбаев. – Абитуриентлердиң ата-аналары, таныслары ҳәм жақын-жуўықлары тест сынақларының қандай тәризде өтип атырғанлығын интернет арқалы толық бақлап барыў мүмкиншилигине ийе.

Быйыл республикамыздағы тест тапсырыў орынларынан, жәми 58403 абитуриент график бойынша өзлери ушын белгиленген күнинде ҳәм ўақтында келип тест сынақларын тапсырыўы белгиленген.

Тест тапсырыў орынларында камералар орнатылған, зәрүрлик туўылса, медициналық хызмет жолға қойылған. Ҳуқық қорғаў уйымлары, тийисли шөлкемлерден дүзилген бақлаўшылар абитуриентлердиң тест сынақларына кириўинен баслап, шығып кетемен дегенге шекемги аралықта тест тапсырыў процесин толық бақлап бара алады.

Абитуриент рухсатнамасында ескертип өтилген талаплар бойынша абитуриентлер белгиленген ўақыттан кешигип қалмай тест тапсырыў орнына өз ўақтында келиўин, шпаргалка, телефон ҳәм басқа да қадаған етилген нәрселерсиз келиўин сораймыз. Бундай жағдай анықланғанда олар тестке киргизилмейди. Кешигип қалғанлығы да абитуриентлердиң тест тапсыра алмай қалыўына себепши болады.

  • Мен Қум аўылда жасайман, тесттен кешигип қалмайық деп, қызымды таң азаннан усы жерге алып келдим. Қызым Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының биология бөлимине оқыўға кириў ушын имтихан тапсырып атыр. Бизлер оның кирип кетиўин тилеп, қашан шығар екен, деп қарап отырмыз,-дейди Ж.Сүйенова. – Ҳәммеге де әўмет тилеймиз, таярланған мийнетине бола оқыўға кирип, жақсы қәниге болып жетисе берсин.
  • Мен ҳәзир ғана тест сынақларын тапсырып шықтым,-дейди абитуриентлердиң бири Б.Аймуратова. – Орта мектепти питкергениме көп жыл болды. Турмысқа шыққан едим.

Бирақ оқып, дипломлы болыўды қәлейтуғын едим. Сонлықтан, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының биология бөлимине ҳәм басқа да жоқары оқыў орынларының биология бөлимлерине ҳүжжет тапсырдым. Сораўлар қыйын болмады, деп ойлайман. Бирақ, оны жуўмағы шыққаннан кейин билемиз. Өтип кеткеймен, деген тилектемен.

Мағлыўмат ушын, тест сынақлары 20-августқа шекем ҳәр күни еки сменада, 1-смена 07:00 ден 10:00 ге шекемги, 2-смена 19:00 ден 22:00 ге шекемги аралықта болып өтеди.

Онда абитуриентлер тест сынағы өткерилетуғын аймаққа тест сынағы басланыўынан кеминде 1 саат алдын паспорты (ID-карта) ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен келиўи ҳәм 1-сменада 06:30ға шекем, 2-сменада 18:30 ға шекем тексериўлерден өткен ҳалда өз орнына отырған болыўы тийис.

Паспорт нусқасы ямаса басқа ҳүжжетлер менен келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди.

Тест сынақлары толық видеобақлаў астында онлайн трансляция етилген ҳалда өткериледи ҳәм абитуриентлер менен олардың ата-аналары test2022.uz сайты ҳәм «Viasat Explore» телеканалы арқалы тест сынақларын онлайн бақлап барыўлары мүмкин болады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF