Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:23:19, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕҢ ЖАҚСЫ ДӨРЕТИЎШИ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР АНЫҚЛАНБАҚТА

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-март күнги мәжилис қарары менен тастыйықланған жол картаға муўапық, орынларда «Аймақтың 100 дөретиўши ҳаялы» ҳәптелигин өткериў ўазыйпасы белгиленген.

Онда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде орынларда илимий-изертлеўлерде ҳәм экономиканың түрли тараўларында дөретиўшилик ҳәм рационализаторлық мийнет пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар арасында бәсеки орталығын қәлиплестириў, олардың идеяларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде таңлаў өткериў де белгиленген.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Аймақтың 100 дөретиўши ҳаялы» ҳәптелиги шеңберинде «Дөретиўши ҳаял-2022» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Ҳәптеликтиң мақсети – экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында жумыс ислеп, ойлап табыўшылық ҳәм рационализаторлық етип киятырған, илимий-изертлеў жумысларын алып барып атырған ҳаял-қызлар арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў ҳәм олардың басламалары менен умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Барлық жойбарлар экспертлер тәрепинен үйренип шығылып, ҳәр бир номинация бойынша 10 (жәми 100) ең жақсы инновациялық жойбар анықланады ҳәм 100 жойбар жуўмақлаўшы басқышқа усыныс етиледи.

Таңлаўға республикамыздағы жоқары оқыў орынларынан илим ҳәм инновация тараўында көзге көринген белсенди ҳаял-қызлар қатнасты.

Қатнасыўшылар «Ең жақсы ойлап табыў ҳәм пайдалы модель», «Ең жақсы санаат үлгиси, селекция жетискенлиги ҳәм рационализаторлық усыныс», «ИКТ ни раўажландырыў бойынша ең жақсы инновациялық жойбар (ЭЕМ ушын жаратылған программа ҳәм мағлыўматлар базасы), «Медицина тараўындағы ең жақсы инновациялық жойбар», «Ең нәтийжели инновациялық жойбар» (илим ҳәм техниканың әҳмийетли бағдарлары бойынша), «Жаңа педагогикалық технологиялар бойынша ең жақсы жойбар», «Талантлы қыздың ең жақсы инновациялық жойбары», «Ең жақсы бизнес жойбар» (экономика тараўлары бойынша), «Әўметли старт» (экономиканың түрли бағдарлары бойынша өз бизнес жойбары тийкарында исбилерменлик жумысларын әмелге асырмақшы болған ҳаял-қызлар ушын), «Өнермент ҳаял-қызлардың ең жақсы инновациялық идеясы» номинациялары бойынша өз-ара беллести.

Республикамыздағы жоқары оқыў орынларынан қатнасқан бир қатар ҳаял-қызлар номинация жеңимпазлары болды.

Өз тараўлары бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен Ажаргүл Мамбетшарипова, Айшагүл Шарипова, Нурзада Атамуратова, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалынан Айгүл Тумаева, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалынан Роза Реймбаева, Қарақалпақcтан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтынан Гүлмира Абдиева,  Нөкис Жаслар технопаркинен Сарбиназ Айтмуратова, Наўайы кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтынан Шаҳзода Абдуллаева, Қарақалпақстан Республикасы өнерментлер басқармасынан Алтынай Нәўбетовалар номинация жеңимпазлары болды ҳәм Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Мағлыўмат ушын, ҳәптелик шеңберинде ҳәр бир аймақтан таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышына усыныс етилген ҳаял-қызлардың жойбарлары республикалық басқышта көриледи.

Биринши күни ҳәптеликтиң ашылыў мәресими, «Дөретиўши ҳаял-қызлар – 2022» атамасында ҳаял-қызлар форумы, екинши күни ҳәптелик шеңберинде өткерилип атырған таңлаў қатнасыўшыларының жойбарлары тийкарында жаратылған инновациялық өнимлердиң көргизбеси, үшинши күни таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышы, төртинши күни «Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, гендер теңлиги мәселелери ҳәм гендер мәденияты» темасында семинар, бесинши күни ҳаял-қызлардың интеллектуаллық мүлк объектлерин қорғаў ҳүжжетлерин алыў тәртип-қағыйдалары ҳәм олардың жумысларына инновациялық қатнасты енгизиў мәселелери бойынша оқыў-семинарлар, мотивациялық психологиялық тренинглер ҳәм дөгерек сәўбетлесиўлери, алтыншы күни ҳәптеликтиң жабылыў мәресими, таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресимлери, сертификатлар тапсырыў илажларының өткерилиўи режелестирилген.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF