Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:43:22, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮГИТ-НӘСИЯТТЫҢ УНАМЛЫ НӘТИЙЖЕСИ

Бүгинги күнде, халқымыздың саламатлығын беккемлеў, ҳәр қыйлы жуқпалы ҳәм вируслы кеселликлерге қарсы емлениўде үгит-нәсият жумысларын жүргизиў өзиниң унамлы нәтийжесин беретуғынлығын турмыстың өзи дәлиллеп атыр.

Әсиресе, саламат турмыс тәризинен хабары бар адамлар кеселликке шалынбаўдың алдын алыўға ҳәрекет етеди. Бул медициналық саўатлылықтың унамлы нәтийжеси десек қәтелеспеймиз.

— Жаз айында, турғынларымыз арасында ҳәр қыйлы кеселликлер ушырасып турады. Буған жәзийраманың шыжғырған ыссы күнлери дурыс аўқатланбаў да себепши болыўы мүмкин. Мине, усындай қысылшаң па­йытлары халқымыз арасында бул бағдарда үгит-нәсият, түсиндириў жумысларын жүргизиўде белсендилик көрсетип киятыр­ған «Саламат әўлад ушын» халық­аралық қайыр­қомлық фондының Қарақалпақстан Республикасы филиалы шыпакерлери, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының «Улыўма абаданлық жолында халықтың саламатлығын жақсылаў» атлы грант жойбары шеңберинде  Шымбай районында жайласқан, бизиң «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары арасында, усы жылдың июль айында 3 мәрте семинарлар өткерди. Тәжирийбели шыпакерлер семинарларда, аўыл турғынлары­мызға халықтың денсаўлығын беккемлеў,  спорт пенен шуғылланыў — узақ өмир гиреўи екенлиги туўралы жойбар баслығы О.Ембергенова ҳәм жойбар  координаторы Г.Қайпанова шығып сөйлеп, кең түрде түсиник берди. Мазмунлы ҳәм тәсирли мағлыўматлар аўылымыз халқының медициналық саўатлылығын асырыўына жәрдемин тийгизди. Сонлықтан да,  олар өзлериниң саламатлығын беккемлеў ушын спорт пенен шуғылланыўдың абзаллығы, жаз мәўсиминде мийўе, палыз өнимлери менен аў­қатланыў көбирек  пайдалы екенлиги бойынша түсиник алды.  Тағы бир әҳмийетли тәрепи, семинарда  50 ден аслам қатнасыўшыларға ручка, блокнот, медицина нықабы, антисептикалық гельлер бийпул тарқатылды.

Буннан тысқары,  туўыў жасындағы ҳаял-қызлар бийпул медициналық көзден өткерилди ҳәм  оларға Феррокал витаминлери берилди. Ҳәр қашан да усындай жойбарлар халқымыз арасында медициналық саўатлылығын асырыўда унамлы нәтийжесин берери анық, - дейди «Пашентаў»  аўыл пуқаралар жы­йыны баслығы А. Айтымбетов.

Буннан соң, жойбар режесинде көзде тутылған «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйынында таңлаўдың жуўмақлаўшы бас­қышы болып өтти.

Тийкарынан семинарда сөз етилген темаларға байланыслы дүзилген сораўларға таңлаў қатнасыўшылары тәрепинен анық жуўаплар берилип, шәртлер бо­йынша таярланған интерме­диялар,  сахна көринислери қатнасыўшыларда унамлы тәсир қалдырды.

Кескин бәсекилик астында өткен таңлаў жуўмағында      Ж.Аўезмуратовтың шаңарақ ағзалары төрешилер тәрепинен жеңимпазлыққа ылайық  деп табылды. Сондай-ақ,  К.Төрениязов ҳәм     Ж.Утепбергеновлардың шаңарақ ағзалары сыйлы орынларды ийеледи.

Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар  шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қ.РЕЙМОВ, өз хабаршымыз,

Шымбай районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF