Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:54:20, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОРАЙЛЫҚ БАНК КАРТА ИЙЕЛЕРИН СЕРГЕКЛИККЕ ШАҚЫРДЫ

Орайлық банктиң хабар бериўинше, банк картасы ийесиниң дизимнен өткен телефон номерине СМС арқалы жиберилген бир мәртелик тастыйықлаўшы кодты киргизбей турып мобиль қосымшадан дизимнен өтиў ямаса картаны мобиль қосымшаға бириктириў мүмкин емес.

В Узбекистане до конца этого года карты Uzcard и Humo будут принимать все  терминалы – Взгляд.uz

Банк карталарының қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын ҳәзирги күнде жеткиликли илажлар көрилген. Банк картасы ҳаққындағы мағлдыўматлар ҳәм оның ПИН-кодын пайдаланбай, оны мобиль қосымшаларға бириктирмей турып, банк картасындағы пул қаржыларын шешип алыў ямаса оны басқарыў имканияты жоқ. Атап айтқанда, банк картасындағы мобиль қосымшалар арқалы пайдаланыў ушын банк картасының ийесине бир мәртелик тастыйықлаўшы код жибериледи. Бул кодты белгиленген ўақыт аралығында системаға киргизбей турып картаны мобиль қосымша аккаунтына бириктириў мүмкин емес.

Банк карталарынан пул шешип алыў жағдайлары айырым пуқаралардың алдаўшылардың дузағына түсип, өзине тийисли болған карта мағлыўматларын жәриялаўы нәтийжесинде бақланбақта.

Алдаўшылық жағдайларының алдын алыў ушын банк пластик картаны алғаннан соң тек ғана өзиниң телефон номерине СМС хабарнама хызмети жалғаныўы керек. СМС хабарнама арқалы келген бир мәртелик тастыйықлаўшы кодты ҳеш кимге жәрияламаў керек. Себеби, банк ямаса төлем шөлкеминиң хызметкерлери хеш қашан сизге жиберилген тастыйықлаў кодлары, картаңыздың толық номери ҳәм әмел етиў мүддетин сорамайды. СМС арқалы келген хабарды дыққат пенен оқың. Онда картаңыз бенен байланыслы әмелият ҳаққында мағлыўмат ҳәм тастыйықлаў ушын код келеди. Бул кодты ҳәр қандай жағдайда биреўге бермең.

Еслетип өтемиз, банк ямаса төлем шөлкеминиң мобиль қосымшаларынан пайдаланғаныңызда қурамалы парольлерди пайдаланған мақул.

Мобиль қосымшада дизимнен өткерилген аккаунтыңызға кириў ушын тек ғана өзиңиздиң қурылмаңыздан пайдаланың.

Интернет арқалы товар ҳәм хызметлерди сатып алыў ушын тек ғана рәсмий, исенимли сайтлардан пайдаланың. Егер сизге төлемди әмелге асырыў ямаса картаңызға пул өткериў мақсетинде силтеме берилген болса, оны қайтадан тексерип көриң. Усынылып атырған веб-беттиң рәсмий екенин тексериў керек.

Социаллық тармақлар ҳәм ҳәр қыйлы мессенджерлер арқалы сизге жиберилген гүманлы силтемелерди ашпаң. Сизге пул өткериў ушын картаңыздың номерлерин ҳәм әмел етиў мүддетин ямаса тексериў мақсетинде код жиберлигенин мәлим етип, оны айтыўыңызды сорағанда, ҳеш қандай мағлыўмат бермеў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF