Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:17:26, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СПИКЕР ОРЫНБАСАРЫ ДИЙҚАН ҲӘМ ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҚЛАРЫ БАСЛЫҚЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан  фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Хайтов районларға сапары даўамында фермер ҳәм дийқан хожалықларының баслықлары, исбилерменлер менен ушырасты.

«Әҳмийетли 30 күнлик» даўамында аўыл хожалығы тараўында жумысларды және де жеделлестириў, агротехникалық илажларды өз ўақтында алып барыў, атызларда ҳәм қыйтақ жерлерде жетистирилип атырған өнимниң сапалы болыўын тәмийинлеў мақсетинде Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы  «Шүкүриллаева Толғанай» фермер хожалығында семинар шөлкемлестирилди.

Онда райондағы дийқан ҳәм фермер хожалықарының баслықлары, ҳәким жәрдемшилери менен жаслар жетекшилери қатнасты.

Семинарда Президентимиздиң басшылығында усы жылдың 27-июль күни пахташылықта әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланып өткерилген мәжилисте белгилеп берилген тапсырмалар, соңғы жыллардағы климат өзгериўи пахташылық тараўының алдына жаңа ўазыйпалар қойып атырғанлығы, барлық аймақларда әмелге асырыў бойынша «Әҳмийетли 30 күнлик» жәрияланғанлығы, ҳәзирги ҳаўа райының аномал ыссы ўақтында бар өнимди сақлап қалыў, жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша керекли усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берилди.

«Шүкүриллаева Толғанай» фермер хожалығы тийкарынан пахта ҳәм ғәллешиликке қәнигелестирилген болып, жәми ажыратылған 66 гектар майданның 39  гектарына пахта, 15 гектарына бийдай егилди. Шамурат Есшанов баслық ететуғын бул фермер хожалығында 11 адам турақлы, 60 адам  мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

Кейинги мәнзил Беруний районындағы Шаббаз аўыл фуқаралар жыйынының «Якубов Жанибек» фермер хожалығы болды. Сектор басшылары ҳәм тийисли тараў жуўапкерлериниң қатнасында өткерилген семинарда «Әҳмийетли 30 күнлик» илажы даўамындағы ўазыйпалар белгиленди. Районда қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, жүзимшиликти раўажландырыў ҳәм оны экспорт етиў бойынша пикир алысыўлар болды.

Райондағы «Беруний текстил инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында 6 миллион 107 мың АҚШ долларлық ийирилген жип Қытай ҳәм Түркия мәмлекетлерине экспорт етилди. 2021-2022-жылғы бағдарламаға 900 миллион АҚШ долларлық инвестиция киргизилген болып, Түркия ҳәм Япония  мәмлекетлери менен биргеликтеги «Жуки» компаниясында ислеп шығарылған тигиў машиналары алып келип орнатылды. Жойбардың баҳасы 15,5 миллиард сум болып, оның иске түсирилиўи менен 500 жаңа жумыс орны жаратылады. Мийманлар бул жердеги жумыс барысы менен танысты.

Спикер орынбасарының сапары Төрткүл районында даўам етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF