Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:48:39, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЙИК МИНАРЛАРҒА ТИГИЛСЕ КӨЗИМ...

Усылай басланатуғын, арасында талантлы қосықшыларымыз арқалы атқарылып, телевидение ҳәм радио арқалы эфирге жиберилетуғын бул әжайып қосықты ҳәр тыңлаған сайын көз алдымыз­ға саналы өмирин қала ҳәм аўылларымыздың жамалына жамал қосып, шырай бағышлаўдай ийгиликли ислерге жумсайтуғын зәбердес қурылысшыларымыздың нурлы келбети келеди.

Көкке бой созған зәўлим имаратлар менен тегис жоллар, асаў дәрья­ларға қурылған саўлатлы көпирлер, қулласы, туўылған жер келбетин көркейтетуғын бундай объектлерди ҳәр көрген сайын қәлбимизди мақтаныш сезимлери бийлеп, олардың қәд көтериўине үлкен үлес қосқан азаматларға болған ҳүрметимиз және де арта түседи.

Соңғы жылларда пайтахтымыз Нөкис қаласы ҳәм республикамыз ра­йонлары орайларының, ҳәтте ең шетки аўыллардың да инфраструктурасы пүткиллей өзгерип, жаңаша көриниске ийе болмақта. Олардың қәд көтериўинде жең түринип мийнет еткен заманласларымыз көпшиликти қурайды. Қурылысшылардың кәсиплик байрамы алдынан солардың бири — өмиринше қурылыс тараўында мийнет етип, атақ-абырай менен даңқ-мәртебеге ийе болған журтласымыз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы Өмирзақ Дәўлетовтың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында азы-кем сөз етсек, оны танып-билетуғынлардың барлығы бул пикиримизге қосылады, деген нийетте қолымызға қәлем алдық.

Пүткил халқымыз ушын аўыр келген екинши жер жүзилик урыстан ке­йин, анығырағы, 1947-жылдың 23-август сәнесинде дүньяға келген Өмирзақ ағаның балалығы бахытлы өтти, деп айта алмаймыз. Халық хожалығын қайта тиклеў жылларының аўырманшылығы, турмыс қыйыншылықлары оны ҳәм теңлеслерин ерте есейтти. Өмирдиң кең гүзарына қыйналмай араласып кетиўдиң тийкары билимде деп түсинген ол мектепте барлық пәнлерден жақсы оқыўға тырысты. Орта мектептен кейин Нөкис қурылыс техникумында оқыды. 1970-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетин, 1975-жылы болса Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтын айрықша баҳаларға питкерди. Оқыўды жаңа тамамлаған, кең эрудицияға ийе саўатлы жас қәнигелерге талап ҳәр қашан да күшли. Сол айтқандай, Өмирзақ та өзиниң дәслепки мийнет жолын Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңесиниң Ири қурылыс басқармасы (УКС)нда инженер болып ислеўден баслады. Өзиниң кишипейиллиги, тил алғышлығы, тапсырылған жумысты булжытпай орынлаўға умтылыўшаңлығы менен басқарма басшыларының ҳәм кәсиплеслериниң исенимине кирген жас қәниге аға инженер ҳәм бөлим баслығы лаўазымларында мийнет етти. 1984-1986-жылларда «Узсельхозтехника» бирлеспесинде көшпели механизацияласқан колонна (КМК) баслығы болып ислеген ол буннан соңғы жылларда республика коммунал хожалығы министриниң биринши орын­басары, 1989-жылдан 1996-жылға шекем болса министр ўазыйпаларын инабат пенен атқарды. Өмирзақ ағаның мийнет дәптершесиниң кейинги бетлерине көз жуўыртар екенбиз, оның Министрлер Кеңесиниң ис басқарыўшысының орынбасары, «Аралсельхозводопроводстрой» бирлеспесиниң баслығы болып ислегениниң гүўасы боламыз. 

Инсан өмириниң мазмуны оның жасаған жасы менен емес, ал, хызмети, ел-халқына тийгизген пайдасы менен өлшенеди, деген пикирге сүйенетуғын болсақ, Өмирзақ ағаның мысалында бул сөзлердиң оғада дурыс айтылғанына және бир мәрте көз жеткиземиз. Республикамыз аймағында бой тиклеген жүдә көп имаратлардың, социаллық-мәдений объектлердиң қурылысына белсене қатнасқан ол бул қурылысларда әпиўайы қәниге сыпатында да, тараў басшысы сыпатында да өзиниң тәжирийбели исшилик қәбилети, истиң көзин билетуғын пазыйлети, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы менен көзге түсти. Пайтахтымыз орайындағы «Ташкент» мийманханасы қаламызда салынған дәслепки көп қабатлы имаратлардың бири болыўына қарамастан елеге шекем Нөкистиң келбетине гөззаллық бағышлап турған саўлатлы имаратлардан саналады десек, көпшилик бул пикиримизге қосылады, деген ойдамыз. Әне, усы имараттың қурылысында пидайылық көрсеткен Өмирзақ аға республикамыздың басқа да орынларында, атап айтқанда, Тахтакөпир, Шымбай, Хожели районларында 240 орынлық емлеўхана комплекслери менен пайтахтымыздағы 5 қабатлы турақ жайлардың қурылысларында да пидайылық көрсетти. Абаданластырыў, турақ жайларды оңлаў, инженерлик коммуникацияларды қурыў ислеринде жемисли мийнет еткен ол «Газли — Нөкис» газ өткизгишиниң, Нөкисте саатына 54 тонна пуў жеткерип бериў қуўатлылығына ийе қазанхананың, суткасына 65 мың куб.метр шығынды суўларды тазалаў станциясы ҳәм линияның қурылысларында да белсендилик көрсетти. «Аралсельхозводопроводстрой» бирлеспесин басқарған жылларында бирлеспеге қараслы районлық бөлимлер менен биргеликте аўыл халқын сапалы ишимлик суў менен тәмийинлеўде кең көлемли жумыслар атқарылды. Атап айтқанда, 600 километрден аслам суў тармақлары, насос станциялары, суўды душшыландырыў үскенелери қурылып, нәтийжеде 100 мыңға шамалас аўыл халқы сапалы ишимлик суўы менен тәмийинленди. 1990-жыллардың ақырларында, 2000-жылдың басларында елимизде жүз берген суўсызлық дәўиринде ҳүкиметлик қарар менен бекитип берилген қурылыс объектлери өз ўақтында питкерилди. Тахта­көпир районындағы «Қос труба», Еллик­қала районындағы «Шуқырқақ», Беруний районындағы «Қызыл қала», Төрткүл районындағы «Сары май» массивлериндеги шарўашылық хожалықларын суў менен тәмийинлеўде жаңадан суў тармақлары тартылды. Скважиналар бурғыланып, иске түсирилди, гөнергенлери қайта оңланып, иске түсирилди, тас қудықлар қазылды ҳәм оңланды, баспа кранлар қурылды. Нәтийжеде жайлаўларға ҳәм қыслаўларға суў жеткерип берилди. Бул жумыслардың барлығында Өмирзақ ағаның үлеси бар десек, асыра айтқан болмаймыз.

Мақаламыз қаҳарманы тек өз тараўында пидайылық көрсетип ғана қалмай, республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысына да белсене қатнасты. 1992-1996-жылларда Халық депутатлары Нөкис районлық кеңесиниң депутаты болған болса, 1999-2004-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты сыпатында өзи сайланған аймақлардың социал-экономикалық раўажланыўына белсене қатнасып, сайлаўшыларының исенимин жоқары дәрежеде ақлады. Усындай пидайы хызметлери ушын ҳүрмет жарлықлары, орден-медальлар менен сыйлықланған оған 2000-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы» ҳүрметли атағы берилди.

Өмирзақ Дәўлетовтың бундай атақ-абырайға, даңқ-мәртебеге ерисиўинде оның өмирлик жолдасы Набат Жийен­ғалиеваның хызметлери үлкен десек, қәтелеспеген боламыз. Екеўинен заман талабына сай тәлим-тәрбия алған перзентлери бүгинлигинде халық хожалығының түрли тараўларында жемисли хызмет етип атыр. Улларынан Нурлан ҳәм Нурсериклер ата жолын қуўып, қурылыс шөлкемлерине басшылық етип атырған болса, ақлықлары Исламбек, Малика ҳәм Айсулыўлар да жоқары оқыў орынларын қурылыс бағдары бойынша тамамлап, атасы баслаған ийгиликли жумысларды даўам еттириў нийетинде.

— Мен хызмет жолым даўамында жүдә көп әжайып инсанлар менен ислестим. Олардан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бурын­ғы Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов (марҳум), бир неше жыл даўамында республика Министрлер Кеңесине басшылық еткен Амин Тажиев, тәжирийбели қурылысшылардан Ражапбай Турсынбаев, Қадамбай Сабуровлардың атларын атап өтиўди өзимниң азаматлық миннетим деп санайман. Жумыс бабында олар менен тез-тез мәсләҳәтлесип турыўым, тәжирийбе алмасыўым мийнет жолым даўамында жүдә қол келди. Усындай инсанлар менен бирге ислесиў несип еткени ушын тәғдириме ырзаман, - дейди Өмирзақ аға.

Булардың барлығын айтып отыр­ғанымыздың себеби, Өмирзақ аға бы­йыл өзиниң 75 жасын толтырып атыр. Ҳәзир напақада болыўына қарамастан өзиниң бар билими ҳәм тәжирийбесин кәсиплеслерине ҳәм жас қурылысшыларға үйретиўден шаршамай киятырған оны бул юбилей жасы ҳәм кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, узақ өмир ҳәм бахытлы қариялық тилей отырып, мақаламызды темаға алып шыққан мына қосық қатарлары менен жуўмақлағанды мақул көрдикF

Бийик минарларға тигилсе көзим,

Бийлер қыялымды бир жыллы сезим,

Сонда қарсы алдымда күлимлеп өзиң,

Турарсаң қурылысшы азамат достым.

 

Сағындық ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: Өмирзақ Дәўлетов шаңарақ ағзалары менен.      

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF