Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:43:21, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ ҚӘДИРИНЕ ЖЕТЕЙИК

Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамына да санаўлы күнлер қалды. Әлбетте, бул жыллар тарийх шежиресиндеги қысқа мүддет, бирақ, нешше он жыллар «ески дүзим қоршаўында» жасаған мәмлекет, халық ушын бул азатлық әйне ўақтында болды.

Бизиң Өзбекстанымыз усы жыллар ишинде үлкен жетискенликлерге ерискени ҳеш ким ушын сыр емес. Ўатанымыздың келбети көз алдымызда түп-тийкарынан өзгерип бармақта. Мәмлекетимиз, ең дәслеп өзиниң беккем сиясий ҳәм экономикалық турақлылығы менен ажыралып турады. Себеби, тынышлық, еркинлик биз ушын ең зәрүр нәрсе болып есапланады. Екиншиден, елимиздиң ҳәр бир қаласында, ҳәр бир аўыл ҳәм гүзарында қурылыс жумыслары алып барылмақта. Нешше-нешше завод пенен фабрикалар, үлкен-киши кәрханалар избе-из иске қосылып атыр. Бәрше ўәлаят ҳәм Қарақалпақстан Республикасында музейлер, мийманханалар, дем алыў орайлары қурылғаны да сыр емес.

Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң алып барып атырған дана сиясатынан халқымыздың кеўли толып, келешекке, ертеңги тыныш ҳәм абадан турмысына исеними және де артпақта.

Аўа, биз өз Ўатанымыз — Өзбекстан ҳаққында қанша сөз етсек те аз. Мақтаныш пенен соны айтқымыз келдиF «Биз ҳеш кимнен кем емеспиз, кем болмаймыз». Усы сөзлерден кейин уллы жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың мынадай пикирлери ядқа түседи: «Өзбек мийнеткешлериниң мәмлекет ушын еткен ислерин айта берсек, булар бәри басымызды төмен ийип, тәжим етиўге ылайық. Әййемги өзбек мәдениятының Орта Азияға көрсеткен тәсирин әййемги Византияның әййемги Русьқа көрсеткен тәсири менен салыстырыў мүмкин: Өзбекстан бизиң Шығыстағы сөзимиз ҳәм жүзимиз болып келген. Жоқ, өзбек халқының таза жүзине, келбетине ҳеш нәрсе дақ сала алмайды».

Биз Биринши Президентимиздиң басшылығында жаңа мәмлекет қурдық. Ҳәзирги ўақытта бәршемиздиң дүнья қарасымыз өзгермекте, ғәрезсизлик қаншелли әзиз екенин күннен-күнге тереңирек аңлап жетпектемиз. Өтиў дәўиринде түрли қыйыншылықларға дус келгенимиз де ҳеш кимге сыр емес. Бирақ, қуўанышлысы, ғәрезсизлигимиздиң тийкарғы нәтийжелерин көрип атырмыз ҳәм көрежақпыз! Мине, усы исенимниң өзи бизлерге таўсылмас күш-ғайрат берип атыр. Ақыры, баҳадыр ата-бабаларымыз усы ғәрезсизлигимиз ушын өзлериниң жанларын пидә еткен жоқ па?..

Өзбекстан Қаҳарманы, халық жазыўшысы Төлепберген Қа­йыпбергеновтың айтқанындайF «Биз олардың муқаддес руўхы-пәклери алдында қарыздар емеспиз бе!.. Уллы мақсет жолында қурбан болған ата-бабаларымыздың ҳаққы-ҳүрмети ушын, келешек әўладларымыз батыл, абадан жасаўы ушын биз ғәрезсизлигимизди абайлап-сақлаўымыз ҳәм қарыз, ҳәм парыз». Демек, ғәрезсизлигимиздиң қәдирине жете­йик, Ўатанымыздың азат ҳәм абадан болыўы ушын «Жаңа Өзбекстанды биргеликте қурамыз!» -деп оқыйық, изленейик ҳәм мийнет етейик!

Ф.УТЕМУРАТОВ,

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының ағзасы, «Шуҳрат» медалының ийеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF