Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:57:28, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫНА СЕРТИФИКАТЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда республикамыздағы 5 миллий-мәдений орайдың жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Президиумының арнаўлы қарары тийкарында Жоқарғы Кеңес жанындағы жәмийетлик фондқа 240 миллион сум, соннан Рус миллий мәдений орайына 40 миллион сум, Украин миллий мәдений орайына 40 миллион сум, Қазақ миллий мәдений орайына ҳәм оның Қоңырат районы бөлимине 80 миллион сум, корейслер ассоциациясына 40 миллион сум ҳәм Түркмен миллий мәдений орайына 40 миллион сум субсидия қаржысы ажыратылатуғыны атап өтилди.

Мәжилисте жәмийетлик фонд тәрепинен мәмлекетлик грантлар бойынша қайта жәрияланған екинши ҳәм үшинши таңлаўлардың жеңимпазлары болған Қарақалпақстан Республикасы аймағында физикалық жумыстан ҳәм кеселликтен болған майыплар бирлеспесиниң «Жер асты суўынан үнемли пайдаланыў» атамасындағы, Өзбекстан Қызыл ярым ай жәмийети Қарақалпақстан Республикасы шөлкеми Қараөзек районлық бөлиминиң «Ҳәр бир нураний-жасларға устаз» атамасындағы, Өзбекстан Либерал -демократиялық партиясы Кегейли районлық бөлиминиң «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» атамасындағы, «Қарақалпақстан мәденияты» газетасының «Мәҳәлледен танылған талант» атамасындағы, Нөкис қаласы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынының «Биз коррупцияға қарсымыз!» атамасындағы жойбарлары жеңимпаз деп табылып, оларға сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF