Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:37:49, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СПИКЕР ОРЫНБАСАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНЫҢ ЎӘКИЛЛЕРИ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм партия белсендилери менен дөгерек сәўбети өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан  фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Хайтов сөзге шығып, Президентимиздиң басламасы менен елимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, әсиресе, ҳәр бир тараўды реформалаў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, әсиресе, тийкарғы нызамымызды бүгинги турмыс талапларына сай тәризде жаңалаў мақсетине бағдарланған Өзбекстан Республикасының Конституциялық Нызамы жойбарына киргизилип атырған өзгерислер сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызметти шөлкемлестириў, билимлендириўди раўажландырыў, жеке мүлктиң қол қатылмаслығын кепиллеў, пуқаралық жәмийети институтларының статусын ҳәм экологиялық қорғаў сыяқлы мәселелерди конституциялық дәрежеде беккемлеп қойыў менен байланыслы екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында нызамларды қабыл етиўде сиясий партиялардың роли күшейгенлиги, нызам жойбарларын  фракцияларда алдын ала көрип шығыў, Нызамшылық палатасының жалпы мәжилислеринде  ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын  додалаўда олардың пикирлерин тыңлаў әмелиятының қәлиплескенлиги айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Илаж қатнасыўшыары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF