Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:00:16, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘНИГЕЛЕСТИРИЛГЕН МЕКТЕПЛЕРДЕ БИЛИМ  БӘЙГИСИНЕ ТҮСКЕН  ОҚЫЎШЫЛАР

-Бизлер Шымбайдан келдик,-дейди тест сынақларына перзентлерин алып келген ата-аналардың бири А.Расбергенов. -Ра­йонымызда Президент жанындағы қәнигелестирилген мектеп ашылып атырғанын еситип мектеп жасындағы улым Ерназардың, қызым Надираның ҳүжжетлерин тапсырған едик.

27-июль күни улым, ал, бүгин болса қызым тест сынақларына қатнасып атыр. Балаларымыздың келешеги, деп терең билим алыўы ушын қолдан келгенинше итибар берип, ҳәрекет етип атырмыз,-деди ол.

Бурын перзентлериниң кийими пүтин, тамағы тоқ болса қуўанып жүретуғын ата-аналар ҳәзир олардың терең билим алып, белгили бир кәсипти ийелеп шығыўына үлкен итибар қаратып атыр­ғанына қуўанбаўға болама... Себеби, олар ертеңги күнимиз, мәмлекетимиздиң келешеги, күш қүдирети. Ата-бабаларымыз да «Баланы жастан» деп айтып өткен. Ал, мәмлекет тәрепинен билимлендириўге берилип атырған итибар балалар бақшаларынан, ҳәтте бақшаларға қамтылмаған балаларды да мектепке таярлаў жолға қойыл­ған. Демек, енди перзентлеримиз мектепке ҳәриплерди танып жазыўға таяр ҳалында баратуғын болды.

Буннан үш жыл алдын шөлкемлестирилген Президент мектеплери питкериўшилериниң жетискенликлери болса күткен нәтийжени берди, деп айтыўға ҳақылымыз. Себеби, онда билим алып, питкерип шыққанлар республикамыздың ҳәм шет мәмлекетлердиң абырайлы жоқары оқыў орынларының студентлери болып атырғанлығы бәршеге белгили. Усы жылдан баслап мәмлекетимиз басшысының көрсетпеси менен Президент мектеплери жанындағы қәнигелестирилген мектеплер республикамыздың ҳәр бир районынан шөлкемлестирилиўи белгилеп берилген еди. Усы мектеплерге июнь-июль айларында  билимли, тәжирийбели педагог қәнигелер таңлап алынған болса, онда оқыйтуғын оқыўшыларды 6-класстан баслап тест сынақлары арқалы қабыллаў нәзерде тутылды. Бул мектеплерде балаларын оқытыўды мақсет еткен ата-аналар да көпшиликти қурайды. Быйыл биринши мәрте шөлкемлестирилиўине қарамастан бул мектеплерге оқыў ушын инта билдирген 21 058 оқыўшыдан ҳүжжет қабылланды. Демек, буның өзи ата-аналардың перзентлериниң билимли, илимли болып ержетиўине итибары күшли екенлигин дәлиллейди. Өткен ҳәптеде усы оқыўшылардан тест сынақлары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен алынды. Тестке 18 204 оқыўшы қатнасты. Және де жазғы дем алыў орайларында дем алып атырған оқыўшылар­ға тест сынағы белгиленген ўақытта болып өтеди.

-Тест сынақлары әдалатлы өтти, деп ойлайман. Бизлер Шоманай районынан келдик. Өткен жылы пайтахтымыздағы Президент мектебине ҳүжжет тапсырып тест сынағында балы азы-кем жетпей қалып еди. Районымыздан да бундай мектептиң ашылғаны қолайлы имканият болды. Қызымның усы мектепте оқыўын ҳәўес етемен,-дейди Гүлмира исмли қызын тест сынақларына алып келген ата-аналардың бири.

Перзент-өмиримиздиң жал­ғасы, олар билимли, жетик қәниге болып ер жетсе, ата-ана бахты, мәмлекетимиздиң қүдирети. Қатарларынан алық болып елимиздиң жоқары оқыў орынларында, шет еллерде билим алып атырған жаслардың жетискенликлерин еситип ҳәўес етемиз ҳәм қуўанамыз.

Илайым олардың қатарлары жыл сайын көбейе берсин!

Б.КАРАМАТДИНОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF