Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:44:50, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎДАҒЫ ЎАЗЫЙПАЛАР ДОДАЛАНДЫ

Бүгинги күнде республикамыздың қай жерине барсаңыз да бир-биринен бийик зәўлим имаратлар көрген көзди қуўантады. Ал, ондағы заман талабына сай жаратылған қолайлылықлардан сол имаратта жасап атыр­ған заманласларымыздың кеўиллери толыўы тәбийғый. Әлбетте, ҳәр бир истиң өз маманы, шебер устасы болғанындай, бунда қурылыс тараўында ислеп атырған мийнет пидайыларының хызмети салмақлы. Мәмлекетимизде бул тараўдың раўажланыўы ушын айрықша дыққат-итибар қаратылып, өз гезегинде имканиятлар жетерли.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының ең тийкарғы бағдарларынан келип шығып, усы жылдың алты айы даўамында республикамызда жүргизилген қурылыс оңлаў жумысларының барысын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде министрликтиң мәжилислер залында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда министрликтиң қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бөлими баслығы А.Оразымбетов, «Архитектура режелестириў бюросы» мәмлекетлик унитар кәрханасы баслығы А.Қурбанбаев ҳәм Қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы бөлими баслығы Н.Зарлықовлар шығып сөйлеп, усы жылдың алты айы даўамында исленген жумыслар ҳәм алдағы ўақытлары жобаластырыл­ған жумыслар ҳаққында түсиниклер берди.

—Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 23 көп қабатлы турақ жайлар (678 шаңарақ)дың қурылысы режелестирилген болып, инспекция дизиминен өткерилди. Атап айтқанда, Кегейли районында жетеўи, Қараөзек районы «Есим» МПЖ да 6 ҳәм Қанлыкөл районы «Наўрыз» МПЖ да 10 турақ жай объектлеринде  қурылыс монтажлаў жумыслары баслап жиберилди, - дейди Қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы бөлими баслығы Н.Зарлықов.

Тараў қәнигелерине журналистлер тәрепинен өзлериниң қызықтырған сораўларын берип жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF