Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:35:50, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҚХ КУБОГЫ: ЖЕҢИМПАЗЛАР АНЫҚЛАНДЫ

Нөкисте футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарыстың  Қарақалпақстан Республикасы басқышы финал ойыны болып өтти.

Жәмлеспеген, кем тәмийинленген ҳәм жумыссыз жаслар арасында денетәрбия ҳәм спортты, халықтың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў, соның ишинде, футбол түрин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған командалар қатнасты.

Финал ойынында барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерискен  Нөкис қаласының «Туран» ҳәм Қоңырат районының «Елабад» командалары өз-ара ушырасты. Қызықлы өткен ойында «Елабад» командасының футболшылары 1:0 есабында жеңиске ерисип, жарыс жеңимпазы болды.

Сондай-ақ, Тахтакөпир районының «Тахтакөпир» командасының үстинен 7:0 есабында жеңиске ерискен Әмиўдәрья районының «Халимбег» командасының футболшылары үшинши орынды қолға киргизди.

Мини футбол ҳәм футбол бойынша жеңимпазлықты қолға киргизген Төрткүл районының «Уллыбағ» ҳәм Қоңырат районының «Елабад» командалары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын Ташкент қаласында болып өтетуғын мәмлекетимиз басқышына жолламаны қолға киргизди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF