Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:43:38, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОКСШЫЛАРЫМЫЗДЫҢ ТАБЫСЫ

ҚАЗАҚСТАН: 12-17-июль күнлери Қазақстан Республикасының Қостанай қаласында Орал ҳәм Қорған Айтеновлардың естелигине бағышланған жаслар арасында XXII халықаралық жарыс болып өтти.

Онда Олим Муҳаммедов басшылығында табыслы қатнасқан Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзалары 14 медальды қолға киргизиўге миясар болды. Қуўанышлы тәрепи сонда бул жас бокс­шыларымыз арасында қарақалпақстанлы Сухраб Аминов ҳәм Айназар Кеңес­баевлар да қатнасып, алтын ҳәм гүмис медаль менен сыйлықланыўға ерис­ти.

Атап айтқанда, 63,5 кг салмақта Сухраб Аминов барлық қарсыласларын жеңип шыққан болса, 92 кг салмақта қатнасқан және бир жас боксшымыз Айназар Кеңесбаев финаллық ушырасыўда қазақстанлы боксшыға жеңилип қалып, гүмис медаль менен шеклениўге мәжбүр болды.

Бул спортшыларды жарысқа тәжирийбели тренер Рашид Сейтов таярлады.

ҚЫРҒЫЗСТАН:  Жақында Қырғыз Республикасының Нарын ўәлаятында ересеклер арасында халық­аралық турнир болып өтти.

Дүньяның көплеген еллери қатнасқан бул жарыста Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында республикамыздан 57 кг салмақта Мәдияр Данияров, 75 кг салмақта Шерзад Қәдирбаевлар тренери Шарап Айтбаевтың басшылығында табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, Мәдияр Данияров финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип шығып гүмис медальды ийелеген болса, Шерзад Қәдир­баев қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

— Бул ересеклер арасындағы халықаралық жарыста көп жыллардан берли ерискен дәслепки табысымыз болды,-дейди бизге Өзбекстан бокс федерациясының Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Икрам Шамуратов. — Алдағы ўақытлары бул спортшыларымыз өзлерине билдирилген исенимди еле де толық ақлап шығып, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында да жеңиске ерисетуғынлығына толық исенемен.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF