Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:04:34, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮЛКЕН ТЕННИСКЕ УМТЫЛЫС

Үлкен теннис бүгинги күни дүнья жүзиндеги ең ғалаба ен жайған спорт түрлериниң бири болып табылады. Уимблдон, Роллан Гарос, US Open сыяқлы ири турнирлерге соңғы жыллары қызығыўшылық артып бармақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанның барлық аймақларында болғаны сыяқлы Қарақалпақстан Республикасында да бул спорт түри раўажланып, ол жаслар арасында кеңнен ен жаймақта. Әсиресе, Нөкис қаласы, Шымбай, Шоманай ҳәм Нөкис районларында теннис пенен шуғылланыўшы жаслар ушын заманагөй кортлардың қурып питкерилиўи қарақалпақстанлы спортшылар арасынан да мәмлекетимиз ҳәм халық­аралық майданларда өткерилетуғын жарысларда жеңимпаз болатуғын теннисшилердиң өсип  жетилисиўине тийкар жаратты.

Соның ишинде, мениң өзим де 10 жылдан берли үлкен теннис пенен шуғылланып келмектемен. Теннис бойынша дәслепки 3 жылда Жулдыз Бектурсыновадан тәлим алған болсам, 2015-2017-жыллары Ташкент қаласындағы теннис академиясында Өзбекстан сайланды командасы бас тренери Самуг Обидовтан теннистиң әлўан түрли сырларын үйрендим ҳәм Самар­қанд, Әндижан, Наманган, Бухара, Қашқадәрья ўәлаятларында өткерилген турнирлерде 1-орынды ийелеўге миясар болдым. Ал, 2018-жылы Қазақстанның Шымкент қаласында өткерилген халықаралық жарыста жуплықта 2-орынды ийелеп, өз тәжирийбемди арттырдым.

Ҳәзирги ўақытта болса, Нөкис қаласындағы 3-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тренер сыпатында тенниске қызығыўшы балаларды тәрбиялап киятырман. Бүгинги күни спорт мектебимизге 70тен аслам балалар қатнасып келмекте.

2021-жылдың октябрь ҳәм 2022-жылдың март айларында Өзбекстан Теннис Федерациясының бас хаткери Ирода Туляганованың республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанда  үлкен теннис бойынша еки халықаралық турнир шөлкемлестириў бо­йынша усыныс таярланып, оны өткериў бо­йынша келисип алынды.

Алдағы ўақытлары республикамызда үлкен теннистиң раўажланыўы ушын жас өспиримлерди пуқта таярлап, оларды Өзбекстан ҳәм халықаралық жарысларда жеңимпаз етип тәрбиялаўға ҳәрекет етемен.

 

Султанбек Зарипов,

«Үмит ушқыны» көкирек белгиси ийеси, спорт шеберлигине талабан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF