Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:37:34, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҚЫЗ АЛЫП ҚАШЫЎ» — ХАЛЫҚ ДӘСТҮРИ ЕМЕС!

Биз билемиз, бурынғы аўқам дәўиринде мәде­нияттан, миллийликтен ҳәм диннен узақластырыў сиясаты нәтийжесинде бир қанша әжайып үрп-әдетлеримиз, салт-дәстүрлеримиз умытылып, олардың орнын унамсыз иллетлер ийелей баслаған.

Ҳәтте, салт-дәстүрлеримиз ҳаққында түсиникке ийе болмаған айырым адамлар оларды халық дәстүри ретинде көрмекте ҳәм жеңил-желпи көзқараста болмақта. Солардың бири ретинде кейинги ўақытлары үрдиске айланып, «үрп-әдет» есапланып жүрген «қыз алып қашыў» әдетин айтсақ болады.

Сыр емес, ҳәзирги ўақытлары зорлық пенен қыз алып қашыўға ҳәрекет етип атырған айырым «ер жигит»лердиң видеокөринислери социаллық тармақларда тез-тез ушырасып атырғанының гүўасы болып атырмыз. Әлбетте, бул миллетти тәшўишке салатуғын, ҳәр биримиздиң ар-намысымызға соққы болатуғын жағдай есапланады.

Қыз алып қашыў динимиз тәлийматларына көре дурыс емес. Инсанның еркинлиги менен ҳуқықының бузылыўын шәриятымыз қатаң қаралайды. Бул инсанның ар-намысын ҳәм абырайын аяқ асты етиў менен бирге, үлкен гүна болып та есапланады. Неке мәселесинде қыздың өзи шешим қабыллайды.

Қызды разылығысыз, зорлық пенен алып қашыў ҳуқықый нормаларға, сондай-ақ, шәриятқа да кери ис есапланады.

Алдын да ушырасыўларда, сәўбетлерде айтып өткенимиздей, муқаддес динимизде некениң келисим менен болыўы кереклиги қатаң белгилеп қойылған. Егер қыз мәжбүрлеп көндирилген болса, онда некениң «ҳадал» болыўы гүман. Динимизде рукнлер ҳәм сөз бенен, ҳәм нийет пенен орынланады. Зорлық пенен барған қыз некени ҳақыйқый қабыл етпейди.

Әбиў Даўыт ҳәм Аҳмад рәўият еткен ҳәдисте:

«Бир қыз бала Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип, әкеси оны күйеўге бергенин, ал, ол жақтырмайтуғынын айтты. Сонда, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ықтыярды сол қызға берди», делинген.

Яғный, қыз некеде қалыўды қәлесе, неке келисими күшке киреди, болмаса, неке бузылады. Бул ис Исламда ҳаял-қызлардың ерки, ҳақ-ҳуқықларына қаншелли әмел етилиўин көрсетеди. Себеби, усы ҳүкимнен басқасы туўры емес. Неке — өмир саўдасы, кеўил мәселеси. Кеўилге жақпаған адам менен бир дастыққа бас қойып, өмир бойы жасаў аңсат бола ма?

Демек, қыз алып қашыў муқаддес Ислам дини көрсетпелерине кери әмел екен. Сонлықтан, бундай ис ҳарам етилген. Солай екен, бул иллетти ата-бабаларымыз ислеген, ол бизиң дәстүримиз, деп айтыў, орынсыз. Себеби, ата-бабаларымыз неше әсирлерден берли Ислам динине итиқад етип келмекте. Оның көрсетпелерин булжытпай орынлаған, солай екен, қыз алып қашыўға жол қоймағанлығы сөзсиз. Соның менен бирге, қыз перзент елдиң ар-намысы болып қәдирленген. Биз «қыз намысы — ел намысы», «қызым — ар-намысым» деген халық емеспиз бе? Өз намысының бундай пәске урылыўына бабаларымыз разы болған деў, барып турған наданлық.

Сондай-ақ, алып қашыў арқалы қурылып атырған шаңарақлар ертең дүньяға келетуғын перзентлериниң де өмирин, денсаўлығын қәўипке қоймақта. Себеби, алып қашып келинген қыз бенен турмыс қурмақшы болған жигит медициналық тексериўден өтип, некеленип жаңа турмысын басламайды?! Ал, мәмлекетимизде некелениўши жаслар медициналық тексериўден бийпул өтиўи, кеселликлер анықланса сыр сақланып, емлениўи Нызам менен қатаң белгилеп қойылған. Турмыста ҳәммемиз гүўасы болып жүрмиз, алып қашып үйленгенде ҳеш бир жигит-қыз медициналық тексериўден өтип атырған жоқ?! Демек, майып пер­зент­лердиң туўылыўы, перзентсизлик дағындағы шаңарақлардың айырымлары медициналық тексериўге бийпарық қарағанының себебинен. Нәтийжеде, ерли-зайыплар ажырасып, не үмитлер менен той берген ата-аналар қуда-қудағайшылық қатнасығын үзип, бир-бири менен жүз көрмес болып кетпекте, ал, ең өкинишлиси, еки ортада перзентлер тири жетим болып қалмақта.

Әдетте, саламат ата-анадан саламат перзент дүньяға келеди. Қала берди, бүгингидей экологиялық жағдайда саламат перзент көрмекши болған шаңарақ медициналық тексериўге дыққат-итибарлы болыўы зәрүр.

Буннан тысқары, кәмил перзентлердиң дүньяға келиўинде неке қыйылыўының орны әҳмийетли. Буның ушын бүгинги күнде елимизде неке гүўалығының болыўы шәрт етилген. Алып қашып келингенинде неке гүўалығы болмаўы анық.

Динимиз шаңарақты неке тийкарында қурыўға айрықша әҳмийет береди. Ислам дини некени инсаный байланыслар ишиндеги ең әдиўли мүнәсибетке айландырған. Себеби, бул — Аллаҳтың буйрығы менен, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетине муўапық, мөмин-мусылманлардың гүўалығында қурылатуғын муқаддес байланыс. Аллаҳтаала инсан турмысы ар-намыс, пәклик, ҳүрмет, муҳаббат ҳәм өз ара исеним тийкарында болыўы ушын некеге буйырған. Үйлениў, яғный, шәрий неке тийкарында шаңарақ қурыў Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетинен. Бул ҳаққында Пай­ғамбар алайҳиссалам былай деген:

«Неке — мениң сүн­нетим. Енди ким мениң сүннетимнен жүз бурса, ол меннен емес».

Анас разыяллаҳу анҳудан Байҳақий рәўият еткен ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Мен Адам алайҳиссаламнан әкем менен анама жетип келгенимше некеден шықтым. Әдепсизлик, жаман қулықтан шықпадым» (Алусий. «Руҳул-мааний» тәфсири).

Демек, әзизлер, ҳәр биримиз мөмин-мусылманбыз, Пайғамбар алайҳиссаламға үмметпиз, деп есаплар екенбиз, шәриятымызға муўапық некеден өтиўди жолға қойыўымыз, мусылманшылыққа кери болған әдетлерге тыйым салыўымыз керек. Уламаларымыз шәрий некениң бир қанша пазыйлетлерин санап өтеди ҳәм олардан бири ретинде ол нәсил-насабтың пәклигин тәми­йинлеўи, жәмийеттиң руўхый орталығына унамлы тәсир етиўин ҳәм шаңарақларда өзине тән берекеттиң жүзеге келиўин, онда туўыл­ған перзентлер ақыллы, зе­йинли, инталы, алғыр болыўын айтып өтеди.

Бизге белгили, ҳәр бир халық, ҳәр бир дин ўәкиллери өзлериниң миллий үрп-әдетинен, диний мәресимлеринен келип шыққан ҳалда некеленеди. Мәселен, айырымлары муқаддес деп билген орынларында, ширкеўлерде, айырымлары от әтирапында, және басқалары белгили бир реңдеги кийимлерди кийген ҳалда некеден өтеди.

Изертлеўлерге қарағанда, миллий ҳәм диний үрп-әдетлери тийкарында турмыс қурған шаңарақларда ажырасыўлар саны да аз ушырасады екен. Қала берди, оларда өзлерин бахытлы шаңарақ деп билиў көрсеткишлери де жоқары болатуғыны анықланған. Буның тийкарғы себеби, барлық динлерде де неке инсаный мүнәсибетлер ишиндеги Аллаҳты ортаға қойып дүзилетуғын ең муқаддес байланыс есапланады.

Дүньяда, ҳәтте, мусылман болмаған халықларда да қыз алып қашып үйлениў ҳәм диний, ҳәм ҳуқықый көзқарастан жынаят есапланатуғыны белгилеп қойылған. Ал, енди ойлап көре­йик, биз мусылман болып, Ислам динине әмел етсек те, дүнья халықларына әдепнамадан сабақ берген үммет болсақ та, беккем исеним тийкарында дүзилетуғын некени, ең пәк сезимлер менен қурылатуғын шаңарақ турмысын не ушын «жынаят» пенен баслаўымыз керек?

«Қыз алып қашыў» әййемнен қарақалпақ хал­қында да, қоңсылас еллерде де болмаған. Буны тарийх­шы-этнограф алымларымыз да тастыйықлайды. Жоқарыда айтқанымыздай, ата-бабаларымыз ҳәмме нәрсени ислам динине, шәриятқа сай ҳалда ислеген. Айырым «шала саўатлар»дың айтып атырғанындай, бул ата-бабалардан қалған үрп-әдет емес. Бундай деп айтыў ата-бабаларымызға деген жала, дөҳмет есапланады. Олар ҳеш қашан «қыз урлаў»ды үрп-әдет санамаған. Ата-бабаларымыз қызды алып қашып, үйлениў зина болатуғынын, ал, зина ең аўыр гүналардың бири екенин жүдә жақсы билген. Қала берди, қыздың қашып кетиўи оның ата-анасына, аға-инилерине ар есапланған, оларды тирилей көмген менен тең болған.

Әлбетте, ҳәр бир қыз басына келинлик орамалын таққысы келеди, бирақ, зорлық-зомбылық пенен емес. Бүгинги күнге шекем усы «дәстүр» себепли қаншадан-қанша қызлардың намысы аяқ асты болған жоқ па? Усы «дәстүр» себепли қаншадан-қанша әкелердиң жүзи төмен қараған жоқ па! Усы «дәстүр» себепли қаншадан-қанша татыў шаңарақлар шайқалмады дейсиз!!

Ата-бабаларымыз заманында жигитлер қызды алып қашыў былай турсын, олар­ға артықша сөз де айтпаған ғой. Ал, ҳәзир-ше?!

Уллы ойшыл шайырымыз Әжинияз өз шығар­масында:

«Нәмәҳрәмды ҳасла жолдас тутпаған,

Аты қарақалпақ еллерим барды», деп жырлаған емес пе?!

Бүгин сыртынан бир-еки рет көрип, өзинше унат­қан болып, биреўдиң әширепилеп, абайлап өсирип атыр­ған қызын қасына өзине уқсаған бес-алты жигитти алып, күш жумсап, зорлық пенен алып қашып атырған жигит — ол қандай жигит! Егер оның жигитлик ар-намысы болса, солай етер ме еди!!

Әне сол жағдайды үндемей тамашалап турғаны жетпегендей, оны видеоға түсирип турғанларды ар-намыслы жигит деўге бола ма? Өзиниң қарындасындай бир қыздың намысы аяқ асты болып атырғаны сәўлеленген видеокөринисти социаллық тармақларға тарқатып атырғанларды ар-намыслы жигит деўге бола ма? Бул не деген масқарашылық?!

Сол жигитпен, деп жүргенлер өзиниң қарындасын яки әжапасын сол жағдайда көрсе, қандай аўҳал­ға түсер екен? Ақыры, өз қарындасының ар-намысы қаншелли қәдирли болса, ол қыз да биреўдиң әлпешлеп отырған қызы, әжапасы ямаса қарындасы-ғой?! Ал, үйленип атырған күйеў бала болмыш жигит өзиниң өмирлик жолдасы деп таңлаған жупты ҳалалын бийгана еркеклер қушақлап, бири белинен, бири аяғынан услап көтерип, машинаға мингизиўине қалай разылық билдирип атыр? «Бир мәрте қушақлап, бир мәрте усласа, ҳеш нәрсе етпейди. Ке­йин өзимдики болып қалады-ғо» деген ойдағы жигитти ар-намыслы жигит деп айта аламыз ба?

Имам Аҳмад ҳәм Насаий рәўият еткен ҳәдисте Пайғамбар алайҳиссалам: «Үш түрли адам бар, Аллаҳ қыямет күни оларға (мийрим нәзери менен) қарамайды: ата-анасына ақ болған адамға, ер адамға уқсаўға ҳәрекет еткен ҳаялға ҳәм даюс­қа» деди.

Даюс — бул ҳаялын, сиңлисин, әжапасын ҳәм өзине жақын болған ҳаял-қызларды басқа еркеклерден қызғанбайтуғын«еркек».

Аллаҳ ондайларға жәннетти ҳарам етеди. Себеби, рәўиятларда айтылыўынша, Аллаҳтаала жәннет дәрўазасына: «Сен даюсқа ҳарамсаң», деп жазып қойған.

Ҳүрметли ата-аналар ҳәм турмыс қурыў алдында турған жигит-қызлар! Неке — Исламда муқаддес байланыслардың бири, ал, шаңарақ — жәмийеттиң тийкарғы бир бөлеги, беккем қорған есапланады. Солай екен, бул муқаддес байланысқа дақ түсирип, беккем қорғанға зыян жеткизбейик. Шаңарақ қурыўда динимиз көрсетпелерине бойсынып, ата-бабаларымыздан мийрас қалған үрп-әдетлеримизди даўам еттирейик!

Шамсутдин БАҲАУДДИНОВ,

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF