Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:44:20, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРРУПЦИЯ — ЖӘМИЙЕТ ЖЕМИРИЎШИСИ

Жасур Ахмедовтың (аты, фамилиясы өзгертилген) мәс ҳалатта ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислегенлиги ушын топланған материаллар Хожели районы ИИБ профилактика инспекторы ис жүргизиўине келип түседи.

Оған тийкар топланған материаллардың судқа өткерилиўин еситкен Жасур суд алдында жазаға тартылыўынан қорқып, таныс билис излеп, қалай етип болса да исин судқа өткизбеўдиң жолын излей баслайды. Базарда саўда-сатық ислери менен шуғылланатуғын Бабур оның жанына ара түседи. Яғный, оған өз тәшўишлерин айтып бергенде, Бабур ИИБ де бөлим баслығы болып ислейтуғын Абдулла атлы офицерден жәрдем сораў мүмкинлигин билдиреди. Бабурдың мәсләҳәти бойынша ИИБ бөлим баслығы Абдуллаға ушырасып, оған топланған материалларды судқа өткермеўге жәрдем бериўди сорап, оның есесине оған 500 000 сум пулды пара сыпатында бериўди усыныс етеди. Қулласы, Жасур 2022-жыл 6-апрель күни саат 21F00 де Хожели районы ИИБ имаратының 312-санлы хызмет ханасында өзине ти­йисли болған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы материалларды судқа өткизбестен «басты-басты» етип бериў есесине, нызамға қайшы екенлигин биле турып 500 000 сум пулларды Хожели районы ИИБ баслығы Абдуллаға пара сыпатында берген ўақтында тийисли дәлиллер менен усланған. Солай етип, Жасур ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық еткенлиги кемлик еткендей, жынаят ислеп те үлгерди.

Буның ушын Жасур судтың қара гүрсисинде отырып, қылмысына жараса әдил жазасын алды. Коррупция — жәми­йет жемириўшиси. Оған қарсы гүресиў-бәршемиздиң ўазыйпамыз.

И.Алланиязов,

Жынаят ислери бойынша Хожели районлық суды баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF