Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:17:30, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСЕНИМ ЖАСАЎҒА КҮШ БЕРЕДИ

Буннан саррас бир ҳәпте бурын Кегейлиге атланған сапарымды район орайында жайласқан «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Таң жулдызы» көшеси турғынларының жасаў шараяты менен танысыўдан басладым.

Басқалардан айырмашылығы шамалы көше. Суў түскенине бираз ўақыт болған салма кеўип шамалапты. Ҳәр жери ойып қазылған қәндеклердиң топырағы көзге қоренишлеў көринип, шырайын бузып тур. Шыжғырған ыссыда қара тер қан сорпа болып жер қазып атырған еки жигитке ҳармасын айттық. Олар өзлерин «Ақаба суў» тармақлары Кегейли районлық бөлиминиң хызметкерлеримиз деп таныстырды. Көшеге тартылған ишимлик суў қубыры тармағында авариялық жағдай жүз берип, соның «илигин» яғный тығылған жерин излеп қазыў жумысларын алып барып атырғандағысы екен. Қасымызға көше турғыны Шарапат Жумабаев келе кетти.

  Несин айтасаң, қубырдың тығылыўынан жаўрап атырмыз. Қай жери тығылғанын анықлаў аңсатқа түспей тур. Жуўынып-шайыныў былай турсын, чай-ҳалқасқа суў излеп әбигер тартып атырмыз. Көшемиз басындағы қоңсымыздың үйинен гезек пенен суў алып турмыз. Оныңда кранының есаплағышы бар. Төлемли болғаннан соң, қыйланады. Сектор басшымыз район ҳәкими Д.Утемуратов. Қабыллаўына барып мүрәжат еттик. Жақын арада унамлы шешим табатуғынлығынан тәмемиз бар, - дейди Ш.Жумабаев.

Көше турғынларына машқаладан Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты хабарлы ма? деген сораў бериўим мәттал, барлығы күйип турғаннан түтеп кетти:

Депутаттың көшемизге келгенин еслей алмаймыз, ҳәттеки танымаймызда. Мүмкин депутат екенлигин умытып кеткен шығар. Ҳалыңнан хабар алмаса, барлық машқалаға мәкан пуқаралар жыйыны баслығы А. Қазақбаеваны алдымызға салып жүргенимиз. Қуры мүрәжат етип, унамлы шешим таппаса да қыйын екен,-дейди, олар түскин кейпиятта.

Сол жерде, МПЖ баслығы А.Қазақбаева районлық Кеңес депутаты, Өзбекстан жаслар аўқамы Кегейли районлық бөлими баслығы А.Дүйсен­баевты олар менен ушырастырып таныстырды. Бийпәрўалығынан жасы үлкенлерден дәкки де еситти. Енди бундай қәтешиликке жол қоймайтуғынлығын айтып ант суўын ишти. Көше турғынлары, тағы бир машқала интернет тармағын ҳәр бир үйге тартыўға жәрдем бериўин соранды. Солай етип бирге ислесиўге келисип алынды.

Күни кеше тағы Кегейлиге табаным тийиўден, сол көшеге атландым. Үйилген топырақлар жайрап жатқанын көрип, ўәде орынланбаған-ғо деген ойға барғаным рас. Бирақ, үш-төрт  ҳаяллар менен сөйлесип турған МПЖ баслығы А.Қазақбаева бул ойым­ды пушқа шығарды. Көше турғынларының мүрәжатларын сектор басшысы қадағалаўға алып, ишимлик суў тармағындағы насазлық сапластырылып, халыққа суў мезгили менен иркинишсиз берилип турғанлығын билдирди. Демек, бир машқаланың кемигени де жетискенлик. Сектор баслығы, аймақ тур­ғынларының машқалаларын унамлы шешиўди шынтлап қолға алғанын усыннан билсе де болады.

Дүмпешикли қумларды, олар насазлық қайталанып жүре ме деген гүман менен изге қалдырдық деп түсиндирди. Иркинишсиз суў ағып турса, өзлеримиз тегислеп көмемиз дегенин көше турғынларының аўызбиршилигине жорыдық.

Қай жерде, сектор басшысы арзымайтуғын, майда-шүйде машқала-ғой, деп ар­қайынлыққа берилсе, улғайып асқынлап кетиўине жол қояды. «Нурлы бостан» да ҳәзирше буннан қутылыў жолына түскенлигине исеним түйдик.

«АТАЎЛАП» ҚАЛҒАН АЎЫЛ, МАШҚАЛАДАН ҚАЛАЙ ШЫҒЫСАР ЕКЕН?

Алдын Қ.Ҳәбибуллаев атындағы фермер хожалығының орайының арқасында жайласқан бир көлата аўыл бүгин «Атаўлап» қалған аўыл деген еситкен қулаққа жағымсыз атқа дус келипти.

Дәслепки дусласқан танысым, зорға тилге кирди: — Билесең, аўылымыз аяқта жайлас­қан. Суўдан тарығып атырғанлы дийқаншылықтан қол үздик. Лекин, бар ҳал, жоқ жағдай деп отырғанымыз жоқ. Баспа кран орнатып, насос бенен тартып үй қапталына ас­қабақ, палаўқабақ, помидор егип қойыппыз. Жүўери атыз­ға жарамайды. Әне машқала. Қапта қалғанша тапта қалсын деп жесең азық, сатсаң енапаттай пул болатуғын жүўериниң туқымын бәҳәрде ызғарлай жерге араластырып алған нәллеримиздиң кейинги тәғдири қуўыс болып тур. Кеминде үш-төрт мәрте суў ишпеген, жүўериден дән тәме етиўдиң өзи артықмаш. Балаларымыздың тисине тийгендей жамбылша, қаўын-ғарбыз егиў қол жетпес әрманға айланғаны сырнықтырады. Аўылы­мызға суў «Абат жармыс» каналынан «Үлкен жап» ҳәм «Қумшек» жапларынан келеди. Жаплардың ултанынан сызып өли ағып турған суўға таслаған шөбиң ықпағаннан кейин не үмит, не қайыр! Оны да сағадағылар насосқа симиртип тартып тур. Маңлай алды қунарлы жерлер сора, жантақтың қурсаўына түскенин көрип жаным ашыйды. Алдын фермер хожалығы бар ўақытлары, пахта, гүзлик бийдай егилгенде аўыл халқы дәрамат тапқаны рас. Соңынан фермер хожалығы тарқап кетти. Мына жағдайда, фермер болыўға ҳешкимниң жүреги даўамай қалды. Жаслар қол ушы талап излеп сыртқа атланады. Оларды да түсинемиз. Бала-шағасы ушын шығынып жүргени-ғой. Малдың аўыз суўына жарап турған изейкешлердиң ултаны қақ-қақ жарылып атыр. «Көлдиң қуты қашса, қутаны кетеди» дегенди көзимиз көрдиге жорыймыз. Еле де, ишимлик суў беретуғын тармағымыз ислеп тур. Буған да шүкир. Дәртти қозғап, ишимдеги машқаламды бөлискениңе рахмет. Президентимиздиң күйип-писип «Халықты разы етиң» деп басшыларға зинҳарлап тапсыр­ғанларына қулақ түрип, «Атаўлап» қалған бизиң аўылы­мызға ел ақсақаллары нәзерин аўдарар деген тәмемиз жоқ емес.

Ал, мына айтқан гәплерим арамызда «қупыя» болып қалсын. Ертең аўылласларым мени «сазайы» етип жүрмесин-деп терең гүрсингенде, аўзынан шыққан ыссы ҳәўир, жәзийрама жаздың ыссысынан кем түйилмеди.  Өмирде түскинликке түсиўден жаманы жоқ. «Үмитсиз шайтан» деп, жубат­қан болдым.

Ўақтында пахтадан мол қырман үйген аўылдың қыр әтирапындағы кең далалар суўсызлықтың тутқынына түсип қалғанына жаным қыйланды. Ашынарлысы, жерлер истен шығып атыр. Туқым шашсаң «өрре» көгеретуғын жерлердиң, ийесиз, қараўсыз қалғанына реҳимиң келеди. Быйыл бир гектар жерге пахта яки гүзлик бийдай егилмегени жағдайды айқынластырады.

Жақында, май айында «Абат» аўыл пуқаралар жы­йынына баслық болып сай­ланған Надирбай Худайбергеновтың пикирин билиў мақсетинде телефон арқалы байланыстым.

— Айтқаныңыз дурыс. Аўыл халқы суўдан жәбир шегип атыр. Алдынғы «Алтымшақ» фермер хожалығын қайта дүзиўге, гүзлик бийдай, пахта егисин қолға алатуғын фермер табыўды режелестирип атырмыз. Аўылымыз III сектор, яғный, районлық ишки ислер бөлиминиң баслығы Нийетбай Әдилбековтың аймағына киреди. Ол да жақында жумыс баслады. Биргелесип ислесиўди жолға қоямыз. Ҳақыйқатын айтқанда, «Абат жар­мыс»тың сағасынан қаратыл­ған суў аўылларға тақан шайғандай болмай атырғанына көз жума алмаймыз,-дейди ол.

Ал, 9-санлы «Нөкис» округинен сайланған Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутаты Жеңисбай Төрениязов пенен ушырасып, аўыл халқының маш­қаласы бойынша неше мәрте сораўнама жазғанын билмекши болған урыныўымыздан нәтийже шықпады. Қоңыраўымызға жуўап алалмадық.

Қулласы, Кегейли районына барған хызмет сапарымызда халықтың арасына кирип, аралап сәўбетлескенди өзиме еп көрдим. Себеби, бир тегис нағыслап жазылған санларды қағазда сайрат­қаннан көре, ҳақыйқый маш­қалалар қазанында қайнап, төзим берип оның менен арпалысып гүресип атырған халықтың дәртин тыңлайтуғын қулақта керек-ғой.

Кегейли районында жумыслар өзи боларлыққа таслап қойылған деген пикирди айтыўдан аўлақпан. Президентимиз Ш. Мирзиёевтиң хал­қымыз ийгилиги ушын жаратып берип атырған шараятлардан пайдаланыўда ҳәр бир сектор басшылары, халық депутатлары қала ҳәм районлық кеңес депутатлары алдына айқын ўазыйпалар белгилеп берген еди.  Буннан гөзленген бас мақсет халқымыздың абат турмыс кешириўине имканият жаратыў болып табылады. Сонда да, айырым орынларда сектор басшылары ҳәм районлық кеңес депутатлары арасында шерикликте ислесиўде бослық бардай түйиледи. Белгиленген күнде халық пенен қабыллаўлар, ушырасыўлар өткерген дурыс, қолы саўа пайытлары халықтың арасына кирсе, ҳақыйқый турмыслық маш­қала орнында үйренилсе, жәрдеми көбирек тийер ме еди...

Ҳәзирше, «Атаўлап» қалған аўылдың машқаладан қалай шығысатуғыны көлденең сораў астында...

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз Кегейли районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF