Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:59:04, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЎӘСИЯТНАМАНЫ БИЙКАР ЕТИЎ ҲӘМ ӨЗГЕРТИЎ

Күнделикли турмысымыздан алып қарайтуғын болсақ, бүгинги күнде халыққа нотариал хызметин көрсетиў бағдарында бир қанша әҳмийетли жумыслар алып барылмақта.

Тийкар­ғысы, пуқаралардың нотариал хызметине болған талабын қанаатландырыў жақсы дәрежеде жолға қойылған. Себеби, жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар юридикалық ҳәм физикалық шахсларға хызмет көрсетип келеди. Негизинде, булардың түп тийкарында тынымсыз мийнет жататуғынлығын бәримизде жақсы билемиз. Нотариуслардың искерлиги тараўланып бөлинбейди. Қәлеген адам жумысларын қәлеген нотариал кеңсе арқалы жумыслап питкериўине ҳақылы. Солай екен, ҳәр бир пуқара өзиниң жеке мүлкин ўәсият етип қалдырыўды өз ықтыяры менен әмелге асырады. Және де абзал тәрепи, ҳәр кимниң ўәсиятнама дүзиўи де өз еркинде болғанындай оған өзгерис киргизиў ҳәм бийкар етиўге де тиккелей өзи ҳақылы болады.  Тийкарынан мийрас қалдырыўшы тәрепинен дүзилген ўәсиятнама оның тири ўақтында мийрасқорлар ушын ҳеш қандай ҳуқық туўдырмайды ҳәм ўәсият қалдырыўшы ушында миннетлеме келтирип шығармайды. Және де айта кететуғын нәрсе, ўәсиятнама еки нусқада дүзилип бири нотариал кеңседе, ал, бири болса мийрас қалдырыўшының қолында болады. Егер де мийрас қалдырыўшы өз ўәсиятнамасын өзгертсе ямаса бийкар етсе ол нотариал кеңсе тәрепинен тастыйықланыўы керек. Сондай-ақ, арза бериў жолы менен ўәсиятнама толық бийкар етилгенде мийрас мүлк нызам бойынша мийрасқор пуқараға өтеди. Және де ўәсиятнаманы өзгертиў тек ғана жаңа ўәсиятнама дүзиў жолы менен әмелге асырылады. Бунда алдынғы ўәсиятнаманың айырым бөлимлери ғана бийкар етиледи ҳәм өзгертиў мүмкин. Буннан тысқары кейинги дүзилген ўәсиятнама алдынғы ўәсиятнаманы бийкар етпестен яки өзгертпестен оны қосымша пәрманлар менен толтырыў жолы менен әмелге асырылыўы мүмкин.

М.Тагаев,

Нөкис қаласында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF