Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:12:21, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛЛЫ БАБАЛАРЫМЫЗ МИЙРАСЫ — ЎАТАНЫМЫЗ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ТИЙКАРЫ

(жол дәптерден)

Ҳәр кимди көрсең Қызыр бил,

Ҳәр түн көрсең Қәдир бил.

(Ҳәким ата).

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары ҳәм 25-февраль күни өткерилген мәжилис баянламасында 2022-жылдың сентябрь айында Ахмет Яссаўий тәлийматының даўамшысы болған Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдың туўылғанының 900 жыллығына бағышланған халық­аралық конференцияны шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў бойынша тийисли тапсырмалар берилген еди. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң басламасы менен музей жәмәәти, Өзбекстан «Миллий тикланиш» ДП Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң бир топар ағзалары ҳәм ҚМУ архитектура факультетиниң студентлери Сулайман Бақырғанийдың қәбирин зыярат етип қайтыў нийетинде жол алды.

«Исузу» автобусында жолға шыққанлар ҳә деместен-ақ бабамыз Сулайман Бақырғанийдың өмири ҳәм бай мийрасы туўралы сөзге киристи. Дәслеп Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң директоры Шәригүл Пайзуллаева былайынша гәп баслады:

— Ҳәзирги күнде миллий қәдириятларымызға, ата-бабаларымыздың мийрасына айрықша итибар ҳәм дыққат қаратылмақта. Көплеген уламаларымыздың, алымларымыздың бай мәдений мийрасы қайтадан тикленип, шығармалары баспадан шығарылмақта.

Сулайман Бақырғаний Ахмет Яссаўийдиң мүнәсип шәкирти болғанлығын тастыйықлаўшы нақыл ҳәм ҳикметлер көп жаратылғанлығы бийкарға емес. Дереклерде келтирилиўинше, Ҳәким ата Ахмет Яссаўийдиң ең қәбилетли ҳәм ҳәким шәкирти сыпатында жүдә үлкен абырайға ийе болған. Сулайман Бақырғанийдың кейинги урпақлары да илим-билимге өз үлеслерин қосқан ҳүрметли тулғалардан саналады.

2002-жылы ӨзРИА ҚҚБ Тарийх, археология ҳәм этнография бөлими ҳәм оның Тарийх, археология ҳәм этнография инс­титуты, ҚМУ, Қоңырат районы ҳәкимлиги менен биргеликте Сулайман Бақырғанийдың 880 жыллығы мүнәсибети менен «Сулайман Бақырғаний ҳәм оның дәўири» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Елимизде биринши мәрте Сулайман Бақырғанийдың «Бақырған китабы» 1991-жыл әдебияттаныўшылар И.Ҳаққулов ҳәм С.Рафиддиновлар тәрепинен баспадан шығарылған болса, ал, Қ.Байниязовтың «Ҳәким ата - Сулайман Бақырғаний — бизиң жерлесимиз» китабында Ҳәким ата — Сулайман Бақырғаний туўралы сөз етиледи.

Сондай-ақ, Т.Қораев ҳәм А.Бозоровлардың авторлығында Аҳмед Яссаўий ҳәм Сулайман Бақырғанийдың ҳикметлери, Ө.Ембергенов ҳәм Ж.Шамуратовлардың «Сулаймон Боқирғоний (Ҳоким ота)» китаплары баспадан шығарылды. Буннан тысқары, Түркия ҳәм Қазақстан киби мәмлекетлерде де оның ҳикметлери қайта-қайта баспадан шығарылды.

Оның «Бийби Марьям китабы», «Ақыр заман китабы» сыяқлы шығармалары бизге шекем мийрас болып келген.

РЕПРЕССИЯ ҚУРБАНЛАРЫF ШЕЙИТ КЕТКЕН ЕЛ АҒАЛАРЫ

Усындай әңгимелерге берилип, Қоңырат районына кирип келгенимизди сезбей де қалдық. Бул жерде автобусқа минип, сапарымызға қоңыратлы нураный жазыўшы ҳәм тарийхшы ағамыз Жапақ (Жаббарберген) Шамуратов ҳәм «Қарлығаш-Мавлюда» тур фирмасының директоры Мавлюда Ембергеновалар қосылды.  Ж.Шамуратов авто­бустағыларға Қоңырат районы, ондағы тарийхый орынлар ҳаққында айтып берди.

— Ҳәзирги Қоңырат районының гөне қала аймағындағы мына ескерткиш «Репрессия қурбанлары»н еслеў орны. Бул жерде Исметулла ийшан дегенниң мешити болған. Совет ҳүкимети 1929-жылы Түркменстандағы Жөнейдхан менен тил бириктирип, Совет ҳүкиметин аўдармақшы деген бәне менен сол дәўирдеги елдиң белгили азаматларынан 19 адамды қамаққа алады. Олардың арасында Ҳүбби Ерниязов (молла Ҳүбби), Қоңыраттың қазысы Рахматуллаев Жалал, ел ақсақалы Мағрупов Қошқар, Әметов Жарылқаған бай, Қудияр бий сыяқлы белгили инсанлар 1930-жылдың 3-январь сәнесинде атылады. Усы жердеги Исметулла ийшан мешитиниң қасындағы сарай жайында 19 адамның өзлерине гөрлерин қаздырып, атып тасланады. Шала-жансары, бәршеси соған көмип тасланады. Халықтың айтыўынша, усы жерден 1-2 күнге шекем ыңырсыған даўыслар еситилип турған деседи.

Және де, усы әтирапта ҳәзирги Қоңырат районлық ХББ не қараслы 39-санлы мектептиң орнында дәслеп 1907-жылы жадид мектеби ашылған. Оның биринши муғаллимлери татар зыялылары болған. Мағлыўматларға қарағанда, бул жадид мектебинде Өзбекстанның биринши халық шайыры атағына мия­сар болған Мухаммед Шарип Суўпызада 1911-1914-жыллары сабақ берген. 1920-жылы болса, бул мектеп совет мектебине айландырылды ҳәм сол ўақытта Қоңырат районы ХББ баслығы болып ислеп атырған С.Мажитов қосымша усы мектептиң директоры болады.

Бул мектепте Ҳамза Ҳәкимзада Ниязий, жазыўшы Парда Турсын 1930-1932-жыллары, халық шайыры Шукурулло 1937-1938-жыллары усы мектепке келип оқытып турған. Бул мектепте белгили художник Ж.Изен­таев, ҚМУ ректоры болған, профессор Қ.Өтениязов, халық артисти Б.Матчанов, И.Рафикова ҳәм басқа да белгили инсанлар тәлим алған.

— Ал, мына көпир болса «Ханжап» деп аталып, 1858-1859-жыллары Хийўа ханлығына қарсы Мухаммед Панахан көтерилисиниң басланған жери есапланады...

Ж.Шамуратовтан усындай бай тарийхый мағлыўматларды еситип, Қоңыраттан Мойнаққа шекемги жол бираз қысқарғандай болды.

СУЛАЙМАН БАҚЫРҒАНИЙ ЕСТЕЛИГИНЕН ЖАҢАЛЫҚ

Мойнақ районы «Ҳәким ата» АПЖ аймағындағы Сулайман Бақырғанийдың мақбарасына жетип келдик. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында «Ҳәким ата» мақбарасын қайта оңлаў, комплекске айландырыў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў белгиленген ҳәм қарар тийкарында жумыслар 2019-2020-жыллары әмелге асырылған.

Зыяратлап болған соң ҳәмме комплексти тамашалады. Комплексте кең етип исленген китапхана бәршениң дыққатын тартты. Ондағы диний, әдебий китаплар, оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар бәршеге теңдей унады.

 Комплекс әтирапында ҚМУ археология кафедрасының баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент Ж.Ҳәкимниязов ҳәм усы кафедраның ассистент оқытыўшысы М.Толыбаевларды ушыраттық.

ҚМУдың археология қәнигелигиниң студентлери қәнигелик археологиялық-этнографиялық әмелиятын өтеў дәўиринде Сулайман Бақырғаний мақбарасының қубла-шығыс тәрепинде жайласқан ески тилеўхана (сы­йыныў орны) анықланып, архео­логиялық изертлеў жумыслары алып барылмақта. Ж.Ҳәким­ниязов бул археологиялық табылма ҳаққында бизлерге төмендегише мағлыўматларды берди:

— Археологиялық изертлеў жумыслары барысында оның жайласыў орнына қарай отырып, туўра төрт мүйешли көриниске ийе ески намазжай-тилеўхана орны екенлиги анықланып, майданы 19,7х13 м. ди қурайды. Мәдений қатламынан бул жерлерди бир неше мәрте суў бас­қанлығы анықланды. Себеби, оның қатламларында қумлы, сазлы, ақ-сарғыш ширинди қатламлары анықланды. Оның қубла-батыс бөлегиниң дийўал излери сақланған болып, ҳәр қыйлы ҳәм тәртипсиз жайласқан пискен гербишлериниң өлшемлери 27х27х6; 26х26х4,5; 25х25х4 см. Алебастр плита бөлеги де табылып, оның өлшеми 21х17х2,3 (3); 20х9х6,5 см. Бул қурылыс материалынан намазжай дийўалларын тегислеп сыбаўда пайдаланғаны итималға жақын. Батыс тәрепинде дийўал излери анықланбады, кейин ала ол жерге қәбирлер қойылған.

«Ҳәким ата» мемориаллық комплексиниң арқа-батыс тәрепиндеги ески сай бойының үстинги қатламынан XII-XIV әсирлерге тийисли керамика бу­йым бөлеклери, шийше қалдықлары да табылды. Сондай-ақ, комплекстиң қубла-шығыс тәрепиндеги дәрўазасына жақын жайласқан мәкан орында да қазыў, изертлеў жумыслары даўам еттирилип, бул жерден алынған дәслепки нәтийжелер бойынша Ҳәким ата жасаған дәўирге ти­йисли өжирениң дийўал излери анықланды. Ҳәзирше дийўалларының қубла ҳәм шығыс тәреплери ашылып, олар ҳәр қыйлы өлшемдеги пискен гербиштен өрилген болып, ени 90 см ди қурайды. Әлбетте, дийўалларының үстинги қатламы уныраған ҳәм қапталына қулаған болып, оның тек төменги 10 қатары ғана жақсы сақланған. Пискен гербиштиң өлшемлери: 27х25х6; 26х25х5; 24х25х4; 22х21х5,5; 24х24х5; 21х21х5 см.

Қосымша жаңалық, бул гербишлер ылай гезинде қол бармақлары менен ойып түсирилген ҳәр қыйлы белгилерге ийе болып, схематикасы бойынша бир таяқ, қос таяқ, үш таяқ, төрт таяқтан ибарат болып, олар гербиштиң үстинги бөлегиниң бир қапталында, шетинде ҳәм диагоналында жайласқан болып, тигине, кесесине, ярым шеңбер, «П» тәризли, «5» тәризли, «H» тәризли, сүйир болып келеди. Айырымларының орайлық бөлиминде айналасына ҳәр бири он ноқаттан ибарат еки шеңбер тәризли белгилери де ушырасады.  Бул белгилер, әлбетте, оны ислеп шығарыўшы устаның ямаса белгили бир руў ўәкиллерине тийисли болса керек. Анықланған гербишлеринде ҳеш қандай белгиге ийе емеслери де ушырасады.  

Және бир итибар қарататуғын жери, едени пискен гербиш пенен қапланған болып, оның батыс тәрепинде ақ тастан жонып исленген геометриялық орнаментке ийе база колонна ҳәм қапталында қатты ағаштан ойып нағысланып исленген үстин табылды. Еденге төселген гербишлердиң орнаменти бир тәрепке, арқа ҳәм қубла бағдар бойлап төселген. Және де, еденнен металл буйымлары, шириген ағаш, шийше сынықлары, керамика бөлеклери, алебастр қалдықлары ҳәм күл қатламлары да табылмақта.  

Улыўмаластырып айтқанда, бул табылған өжирениң гербишлери хронологиялық жақтан Хорезмшахлар ҳәм Алтын Орда дәўирине тән болып, олар X88-X8V әсирлер менен яғный, Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний жасаған дәўир ҳәм оннан кейинги дәўирлер менен сыбайласады.

Зыяратқа келгенлер Ҳәким ата туўралы ҳәм елимиз тарийхына байланыслы басқа да бай мағлыўматларға ийе болып, Нөкиске жол алды.

Ҳақыйқатында да, Сулайман Бақырғанийдың кеўил ҳәм қолдың тазалығы, социаллық әдиллик, мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат, дослық, ҳүжданның пәклиги, ата-бабалар мийрасын қәстерлеў ҳаққындағы ойлары бүгинги күнимиз ушын оғада әҳмийетли есапланады. Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдың әжайып мийрасларының тоғыз әсир ўақыттан берли өзиниң қунын жойтпай, халқымыз тәрепинен қәстерленип сақланып киятырғанлығының сыры да мине усылардан ибарат болса керек.

 

Руслан АРЗИЕВ,

Әжинияз атындағы НМПИ таяныш докторанты.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илаждан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF